Сабляшыларымыз қола медалын жеңип алды

Индонезияның Джакарта қаласында қылышласыў спорты бойынша жас өспиримлер арасында Азия чемпионаты болып өтпекте.
Чемпионатта континетимиздиң ең күшли Япония, Корея, Гонконг, Казақстан, Таиланд, Ҳиндстан ҳәм Иран мәмлекетиниң сайланды командалары менен бир қатарда мәмлекетимиз жас өспиримлери де қатнаспақта.
Соның ишинде, сабля бойынша қызлар арасында өткерилген беллесиўлерде Өзбекстан сайланды командасы ағзасы, жерлесимиз Аякөз Жумамуратова ярым финалға шекем жетип барып, чемпионаттың қола медалын жеңип алыўға миясар болды.
Атап айтқанда, ярым финалға шекемги беллесиўлерде 1/32 финалда Аякөз қазақстанлы Наргиз Сайдуллаеваны 15:6, 1/16 финалда япониялы Oока Шионды 15:10, 1/8 финалда австралиялы Зара Джамирзени 15:10 есабында жеңип шығыўға еристи.

Ал, ярым финалда болса, қытайды Ванг Ченюға жеңилип қалды.
Сондай-ақ, бул чемпионатта сайланды командамыз ағзасы Херрера Лара Луиса Фернанда да қола медалын қолға киргизди.
Чемпионат еле даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы