Жаслар нәшебентликке қарсы

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбек филологиясы ҳәм География ҳәм тәбийғый ресурслар факультетлери менен биргеликте “Биз жаслар нәшебентликке қарсымыз” атамасында жаслар арасында нәшебентлик, кибермәдениятты арттырыў ҳәм алдаўшылық жынаятларының алдын алыўға қаратылған үгит-нәсият илажлары шөлкемлестирилди.
Илажда Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары Ш.Төрешова, Әдиллик министрлигиниң сектор баслығы Н.Бердиниязова, Республикалық қәнигелестирилген руўхый саламатлық илимий-әмелий орайы наркология хызметиниң нарколог шыпакери М.Ержанова, университет жуўапкерлери ҳәм факультет тюторлары қатнасты.
Илажда шығып сөйлегенлер жаслардың санасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, оларды ҳәр қыйлы зыянлы иллетлерден сақлаў ҳәм ҳуқықый саўатлылығын арттырыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири екенин атап өтти.
Жасларды ҳәр қандай иллетлерден қорғаў әдиўли ўазыпамыз. Бирақ жаслардың өзи де саналы түрде ҳәр қандай жынаятшылыққа, нәшенбентликке ҳәм басқа да ҳуқықбузарлықлардан өзлерин аўлақ тутыўы керек.



Илажда нәшебентликтиң аўыр ақыбети студент-жаслар тәрепинен сахналық көринислер арқалы сәўлелендирилип, пикир-усыныслар билдирилди.
Айзада Смайлова,
ҚМУ журналистика тәлим бағдары 2-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги