Сырт елли дипломатлардың республикамызға сапары

15

Регионымыздың инвестициялық, туризм ҳәм экспорт потенциалы менен танысыў мақсетинде сырт мәмлекетлер елшиханаларының дипломатлары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери республикамызға келген еди.

Дәслеп мийманларға Қарақалпақстанда жаратылған шараятлар ҳәм қолайлы имканиятлар кең түрде таныстырылды. Буннан соң олар ири инвестициялық жойбарлар тийкарында кәрханаларда алып барылып атырған жумысларды барып көрди.

Соңынан сырт елли мийманлар  И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейинде болып, «Саҳрадағы лувр» экспонатлары менен жақыннан танысты.

Аралбойы халықаралық инновация орайында Арал теңизи қурыўының ақыбетлерин жумсартыў бағдарында әмелге асырылып атырған жойбарларды көзден өткерди.

Буннан соң улыўма баҳасы 67 млн. доллар болған, жылына 50 мың тоннаға шекем өним ислеп шығарыў қуўатлығына ийе «KARAKALPAK BASALTWOOL» кәрханасының жумысын барып көрди.

Сондай-ақ, мийманлар улыўма баҳасы 48,5 млн. доллар болған, жылына 18 мың тонна ийирилген жип ислеп шығарыў қуўатлығына ийе ҳәм 400 жумыс орнын жарататуғын «Нөкис ССП Технопарк» кәрханасы турмысы менен жақыннан танысты.

Елимиздиң экспорт потенциалына үлес қосатуғын және бир кәрхана – жылына 640 мың метр радиатор өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлығына ийе болатуғын  «Osten Technologies»  кәрханасы жумыслары да барып көрилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги