Имканияты шекленген инсанлар ҳәм журналистлик жуўапкершилик

Өзбекстанда ҳәр қыйлы темаларда белсене қатнасып киятырған устаз журналистлеримизден Наргис Қосимова тәрепинен таярланған “Майыплық журналистикасы” атлы қолланбасын оқысаңыз, жәмийеттеги имканияты шекленген инсанларға байланыслы орынсыз гәплерди қолланыўдан бас тартасыз. Олар менен қалай мүнәсибетте болыў, олардың исенимине ерисиў, өзин еркин сезиў сыяқлы қәсийетлерди үйренесиз. Бул қолланбаны оқып атырып, бүгин де мине усындай инсанлар ҳаққында нейтраллықты бузатуғын журналистлер де оқыса екен, деп қаласаң.
Тилекке қарсы, бүгин дүнья халқының 15 проценти, яғный 1 миллиардтан асламы майыплықтың қандай да бир түрине ийе. Бул инсанлардың 80 проценти раўажланып атырған мәмлекетлерге туўра келеди, бул болса олардың социаллық қорғалыўы ҳәм интеграциясын әҳмийетли мәселеге айландырады. Олардың көпшилиги өмири даўамында жәмийетте өз орнын табыўда, толық шахс сыпатында жасаўда машқалаларға дус келеди. Мине, усындай машқалалар бар жерде журналистлердиң орны әҳмийетли. Бирақ, көпшилик жағдайларда журналистлер имканияты шекленген инсанлар менен сәўбетлесиўде үлкен қәтеликлерге жол қояды. Интервью алып атырған ўақытта арбашада отырған адамның алдында ийилип микрофон тутып турады, тийкарында болса, дизерлеп отырғаны ямаса ол да орынлыққа отырып интервью алғаны мақул. Нәтийжеде алдын ҳеш қашан бундай адамлар менен сәўбетлеспегенлиги ямаса имканияты шекленген инсанлар ҳаққындағы нызамларды билмегенлиги себепли сәтсиз материаллар саны және биреўге артады.
Адамзат тарийхында барқулла физикалық ямаса руўхый жақтан имканияты шекленген инсанлар болған. Раўажланыўдың түрли дәўиринде, түрлише көзқарас, мүнәсибет болғаны да бар гәп. Мағлыўмат орнында айтыў мүмкин, әййемде денсаўлық пенен байланыслы машқалалар урыстан кейин көбейип кеткени ушын, урыста жараланған бурынғы жаўынгерлер майып деп аталған. Тийкарында майып сөзи латыншада “күшли емес, күшсиз” деген мәнисти береди. Ҳәр дәўирде, ҳәр мәмлекетте майыпларға мүнәсибет өзгеше болған. Мәселен, Францияда денсаўлығы менен машқаласы бар адамлар еки топарға бөлинген. Биринши топарда бурынғы жаўынгерлер болса, екинши топарда әскерий хызметке бармаған, кеселлиги туўма ямаса арттырылған адамлар болған. Әййемги Грецияда болса, әскерий майыплар шаңарағы мәмлекет қарамағында болған. Римде болса майыпларға саўашта қолға киргизилген олжалардан үлес ажыратылған, екинши топар майыплары тек баспана ҳәм аўқат пенен тәмийинленген. Сол дәўирлерде-ақ имканияты шекленген инсанлардың жәмийетте өз орнын табыўға қаратылған шығарма Сеница, Цицерон тәрепинен жазыла басланған.
Көрип турғанымыздай, имканияты шекленген инсанларға кемситиўши көзқарас пенен қараў машқаласы инсанияттың пүткил тарийхы даўамында бар болған ҳәм елеге шекем сапластырылмаған. Бундай инсанлар ҳаққында сәўлелендириў бойынша Өзбекстанда да қолланба ҳәм усыныслар ислеп шығылған. Солардан бири 2018-жылы Anhor.uz басылымы майыплығы бар шахсларды кемситпеў ушын аўызеки сөйлеўде ҳәм басылымларда қандай сөзлерден пайдаланыў ҳаққында қолланба ислеп шықты. Буны қараң, сонша урыныслардан кейин де аяныш, кемситиў сезимин беретуғын сөзлерден ибарат шаўқымлы атамалар берилип атыр.
Олардан бири Aniq.uz басылымында (28.04.2019) “Әндижанда арбашадағы баланың үйи неге бузылып атыр?” атлы материал берилген, ал мақала имканияты шекленгенлер ҳаққында емес. Бул тек ғана аяныш сезими арқалы көриў санын көбейтиўге қаратылған шаўқымлы атама. Және сондай материаллардан бири Xabar.uz басылымында (09.06.2024) “11 жылдан берли арбашада отыратуғын баланың: Мен Ўатанды анам сыяқлы сүйемен!” атамасындағы материал берилген. Бир ўақыя ҳаққында ҳәр қыйлы қатнас жасаў, ҳәр қыйлы тәсир оятыў мүмкин. Бул материал арқалы журналист имканияты шекленген инсанды өзине тән қаҳарман сыпатында сүўретлейди, бирақ бул мақул емес. Себеби олар қаҳарманлық көрсетпеген, шекленген имканиятынан келип шығып, өмирде өз орнын табыўға ҳәрекет етпекте.
Көбинесе биз журналистлер өзимиз билмеген ҳалда имканияты шекленген инсанларға бахытсыз, әззи, қурбан сыяқлы стигматизация (грекше тамға басыў) жүклеп қоямыз. Мине усындай қәте ҳәм кемшиликлерди сапластырыў тилегинде ҳәр қыйлы қолланба, усыныс, концепциялар ислеп шығылған. Мәселен, Россияның “Перспектива” атлы майыплар аймақлық жәмийетлик шөлкеми ҒХҚда майыплығы бар инсанлар темасын сәўлелендириў консепциясын ислеп шыққан.
Бүгинги күн журналистлери де мине усындай қолланба ҳәм концепциялар менен танысып шықса, имканияты шекленген инсанларға болған стереотиплерге шек қойған болар еди, деп ойлайман.
Сурайё Эркинова, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистранты