Халық абаданлығы ушын ири жойбарлар әмелге асырылмақта

Нөкис районындағы “Саманбай” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм аўыл хожалығы нәтийжелилигин күшейтиўге қаратылған ири жойбарлар әмелге асырылмақта.
Усы баслама шеңберинде халықтың қыйтақ жерлери ҳәм аўыл хожалығы егинлерин суўғарыў системасын жақсылаў мақсетинде “Ислам раўажланыў банки” ҳәм “ОПЕК халықаралық қоры” тәрепинен жәми 4 миллиард 256 миллион сум қаржы ажыратылды.
Ҳәзирги күнде қурылыс жумыслары жедел пәтлерде алып барылмақта. Жойбар шеңберинде “Үстирт транс” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 5 километр лоток (бетон салма) орнатыў режелестирилген болып, бул суўғарыў системасының нәтийжелилигин сезилерли дәрежеде арттырыўға хызмет етеди.

Усы әмелий жумыслар нәтийжесинде суў ысырапгершилигиниң алды алынып, қыйтақ жерлерден үнемли пайдаланыў имканияты кеңейеди, аўыл хожалығы өнимдарлығы артып халықтың дәраматлары көбейиўине тийкар жаратылыўы нәзерде тутылған.
Бундай инфраструктуралық жойбарлар аймақты комплексли раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға бағдарланған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги