Қанлыкөлде ҳиндстанлы муғаллимлер сабақ өтеди

Қанлыкөл районында билимлендириўдиң сапасын буннан былай да арттырыў, оқыўшылардың билим ҳәм көнликпелерин халықаралық тәжирийбе тийкарында раўажландырыў мақсетинде Жаңа Өзбекстан массивиндеги 25-санлы улыўма билим бериў мектебине Ҳиндстан мәмлекетинен сырт елли қәниге – оқытыўшы Саини Аканша ханым, оның өмирлик жолдасы Әмир Али мырзалар келди.
Район ҳәкими Б.Султанов усы сырт елли педагоглардың шаңарағында болып, шараятлар менен танысты. Билимлендириў процесине заманагөй оқытыў методикаларын енгизиў, инглис тили ҳәм анық пәнлер бойынша халықаралық тәжирийбелерди енгизиў, оқыўшылардың билимин халықаралық стандартлар тийкарында баҳалаў мәселелери додаланды.

Сырт елли қәнигелерди қутлықлап, бундай басламалар жаслардың дүньяға көзқарасын кеңейтиў ҳәм халықаралық майданда мүнәсип орын ийелеўине хызмет ететуғынын атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги