Пуқаралардың мүрәжаты дыққат орайында

Шоманай районында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Б.Өтемуратовтың басшылығында пуқараларды қабыллаў өткерилди.
Онда, Шоманай районы ҳәкиминиң орынбасары А.Бекмуратов, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары, аймақ турғынлары қатнасты.
Қабыллаў даўамында бәнтлик, социаллық қорғаў, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм басқа да бир қатар мәселелер көрип шығылды. Айырым мүрәжатлар орнында унамлы шешилди, орынланыўы ўақыт талап ететуғын мәселелер бойынша жуўапкер шөлкемлердиң жуўапкерлерине анық тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, пуқаралардың ҳәр бир мүрәжаты пуқта үйренилип, оларды шешиўде ашық-айдынлық, оперативлик ҳәм әдиллик принциплерине қатаң әмел етилетуғыны атап өтилип, пуқараларды қабыллаў ўақтында көтерилген мәселелер қадағалаўға алынып, жуўапкерлерге қысқа мүддетте шешим табыў тапсырмасы берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги