Саманбайда ишки жоллар оңланбақта

Нөкис районының “Саманбай” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында халық ушын және бир әҳмийетли инфраструктуралық жойбар әмелге асырылмақта.
Бул жойбарды әмелге асырыў ушын аймақтағы ишки жоллардың жағдайын жақсылаў, халыққа қолайлы ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениў шараятын жаратыў мақсетинде қаржы ажыратылды.
Бул жойбар шеңберинде ОПЕК халықаралық қоры тәрепинен 8 миллиард 600 миллион сум қаржы қаратылып, жәми 15 километр ишки жолларды асфальтлаў режелестирилген.
Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары “”Adham Hamdam oil сервис” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен алып барылмақта. Қәнигелер тәрепинен жол тийкарын таярлаў, тегислеў ҳәм заманагөй асфальт қапламасын төсеў жумыслары басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.
Усы жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде халық турмысында транспорт ҳәрекети ушын қолайлы шараят жаратылады, мектеп, бақша ҳәм медицина мәкемелерине барыў аңсатласады, тез медициналық жәрдем ҳәм басқа да хызметлердиң ҳәрекети тезлеседи ҳәм сондай-ақ, аймақтың инвестициялық тартымлылығы ҳәм экономикалық белсендилиги артады.

Ишки жолларды асфальтлаў жумыслары тек ғана инфраструктураны жақсылаў емес, ал халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, аўыллық аймақларды заманагөй көриниске келтириў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги