Жас стартаперлердиң басламалары қоллап-қуўатланбақта

17

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң басламасы менен Нөкис жаслар технопаркинде “Креатив исбилермен жаслар” жойбары шеңберинде илаж шөлкемлестирилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш. Отемисов, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң аппарат баслығы А. Айбергенов ҳәм партияның Жаслар қанаты ўәкиллери қатнасты.

Илаж даўамында партия белсендилери ҳәм депутатлар жаслардың стартап жойбарлары, инновациялық қолланбалары ҳәм таяр прототиплери менен жақыннан танысты. Жаслар өз идеялары арқалы заманагөй исбилерменлик орталығына сәйкес билим ҳәм көнликпелерин көрсетип, аймақта инновациялық экосистема қәлиплесип атырғанын және бир мәрте дәлилледи.

Усынылған жойбарлар арасында әсиресе суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўға қаратылған “AQUA LOOP” стартапы үлкен қызығыўшылық оятты. Жойбар авторы Бибинур Базарбаева тәрепинен ислеп шығылған бул механизм ыдыс жуўыў, кир жуўыў ҳәм душтан шыққан суўды жыйнап, фильтрлеўден өткерген ҳалда ҳәжетхана системасына жибериў арқалы ишимлик суўын үнемлеў имканиятын береди. Итибарлы тәрепи сонда, бул система электр энергиясыз ислейди ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге хызмет етеди.

Сондай-ақ, илажда пластикалық шығындыларды қайта ислеў тийкарында “пуфик” ҳәм креслолар ислеп шығарыў жойбары да таныстырылды. Бул баслама тек ғана қоршаған орталықты қорғаўға үлес қосып қоймастан, ал арзан ҳәм сапалы мебель ислеп шығарыў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятын да береди.

Илаж қатнасыўшылары арасында Семён Шучкин тәрепинен ислеп шығылған  STuDy” платформасы да айрықша итибарға ылайық болды. Бул платформа жасалма интеллект тийкарында пайдаланыўшының билим дәрежеси, сөйлесиў тили ҳәм билимлендириў абзаллықларын есапқа алған ҳалда автоматикалық түрде индивидуал оқыў курсларын қәлиплестиреди. Бул болса қысқа ўақыт ишинде нәтийжели билим алыў ҳәм көнликпелерди раўажландырыў имканиятын жаратады.

Жойбар командасы ҳәр қыйлы таңлаўларда белсене қатнасып келмеке. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген “Innovation Hack” таңлаўында екинши орынды ийелеп, 30 миллион сум муғдарындағы ақшалай сыйлыққа ийе болғаны олардың потенциалын және де көрсетти.

Илаж даўамында депутатлар жас исбилерменлер ушын жаратылған жеңилликлер, грант бағдарламалары ҳәм әмелий қоллап-қуўатлаў механизмлери ҳаққында толық мағлыўмат берди. Жаслар болса өз-ара тәжирийбе алмасыў, бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў ҳәм келешекте биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге еристи.

Бүгинги күнде ӨзЛиДеП тәрепинен жаслардың исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, инновациялық идеяларын әмелиятқа енгизиў ҳәм оларды экономикалық белсендиликке кеңнен тартыўға қаратылған жумыслар турақлы даўам етпекте.

“Креатив исбилермен жаслар” жойбары, мине, усы ҳәрекетлердиң әмелий көриниси болып, жаслардың интеллектуаллық потенциалы ҳәм басламаларын жүзеге шығарыўда әҳмийетли платформа ўазыйпасын атқармақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги