Өзбекстан делегациясы Барселонадағы халықаралық туризм көргизбесине қатнасатуғын болды

Испанияның “Europa Press” мәлимлеме агентлигинде Өзбекстанға бағышланған мақала басып шығарылды. Онда “B-Travel” халықаралық туристлик көргизбесинде мәмлекетимиз тийкарғы бирге ислесиўши ҳәм ҳүрметли мийман сыпатында қатнасатуғыны мәлим етилген.
Дерекке бола, усы жылы 20-22-март күнлери Барселона қаласындағы Fira de Barcelona комплексиниң “Montjuïc” майданында өткерилетуғын туристлик көргизбеде Өзбекстан делегациясы бас шерик ҳәм ҳүрметли мийман сыпатында қатнасады.
Мақалада атап өтилиўинше, соңғы жыллары мәмлекет Уллы жипек жолындағы бай тарийхый мийрасы, соның ишинде, дүньяның ең әййемги қалаларынан бири болған Самарқанд ҳәм заманагөй Ташкент себепли ғалабалық туристлик бағдарлардан бирине айланбақта. Сондай-ақ, Өзбекстандағы ислам архитектурасы естеликлери ҳәм сийрек ушырасатуғын дыққатқа ылайық орынлар испаниялы туристлерде үлкен қызығыўшылық оятпақта.
Өзбекстанның көргизбеде қатнасыўы туризм тараўы қәнигелери, агентликлер ҳәм туроператорлар ушын жаңа бирге ислесиў имканиятларын жарататуғыны атап өтилген.
“B-Travel” президенти Марти Саррате Барселонада кең жәмийетшиликке өзине тән ҳәм таң қалдыратуғын бағдарларды усыныў үстинде жумыс алып барылып атырғанын атап өтип, Өзбекстанның бирге ислесиўши мәмлекет сыпатында қатнасыўы көргизбе бағдарламасын және де байытатуғынын атап өтти.
Қәниге Өзбекстан ҳүкимети ҳәм туризм тараўы ўәкиллерине исеним ушын миннетдаршылық билдирип, бул илаж еки мәмлекет арасындағы туристлик байланысларды жаңа басқышқа алып шығатуғынына исеним билдирди.
Б.ХУДОЙБЕРДИЕВ, ӨзА