Спорт – саламат турмыс гиреўи

12

Бүгин көшелерде жуўырып атырған жасларды, азанғы дене шынықтырыў менен шуғылланып атырған адамларды ямаса спорт майданларында топ ойнап атырған балаларды көрсек, бир ҳақыйқатты аңлаймыз: спорт турмысымыздың ажыралмас бөлеги. Себеби, саламат жәмийетти саламат инсанларсыз көз алдымызға келтирип болмайды.

Медицина қәнигелериниң атап өтиўинше, аз ҳәрекетли турмыс тәризи көплеген кеселликлердиң келип шығыўына себеп болады. Компьютер ҳәм телефон алдында узақ ўақыт отырыў, физикалық белсендиликтиң жетиспеўи организмниң жумысына унамсыз тәсир көрсетеди. Спорт болса буның кериси – ол инсан денесин шынықтырады, жүрек-қан тамыр системасын беккемлейди, иммунитетти арттырады ҳәм руўхый жағдайды жақсылайды.

Бирақ спорттың әҳмийети тек ғана денсаўлық пенен шекленбейди. Ол инсан характерин қәлиплестиреди. Шынығыўлар даўамында инсан сабырлы болыўды, мақсетке умтылыўды, сабырлылықты үйренеди. Спорт майданы – бул өмир мектеби. Онда ҳәр бир жеңилис тәжирийбе, ҳәр бир жеңис болса мийнет нәтийжеси сыпатында қабыл етиледи.

Әсиресе, жаслардың турмысында спорттың орны шексиз. Спорт пенен шуғылланған бала ўақтын мазмунлы өткереди, зыянлы әдетлерден узақ болады ҳәм өз алдына анық мақсет қойыўды үйренеди. Бүгин спортқа берилген итибар – ертеңги саламат әўладтың тийкары.

Солай екен, спортты тек ғана шынығыў ямаса миннетлеме сыпатында емес, ал турмыс тәризи сыпатында қабыл етиўимиз керек. Ҳәр күни кеминде бир неше минутты физикалық белсендилик ушын ажыратыў – бул өз саламатлығымызға исленген ең үлкен инвестиция болып есапланады. Себеби спорт – саламат турмыстың беккем гиреўи.

Шоира Хайтбаева,

Бердақ атындағы ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги