Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы өткерилди

Өмирде дурыс кәсип таңлаў табыслы келешектиң гиреўи. Себеби, инсанның көпшилик ўақты жумыс процесинде өтеди. Сол себепли де инсан өзи ушын сүйикли өнерди үйрениўи, өзи унатқан кәсип пенен шуғылланыўы керек.
Хожели районындағы жумыссыз ҳәм бәнт болмаған пуқаралардың, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың бәнтлигине жәрдемлесиў, оларды мийнет базарындағы кәсиплерге бағдарлаў мақсетинде районда жайласқан 5-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.
Мийнет ярмаркасының ашылыўында шығып сөйлегенлер елимизде халықтың машқалаларын шешиў, әсиресе, бәнтлигин тәмийинлеў, пуқаралардың турақлы дәрамат дерегин қәлиплестириў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылып атырғанын атап өтти.
Мийнет ярмаркасында районлардағы 27 жумыс бериўши кәрхана ҳәм шөлкемлер өзлериниң 60 тан аслам бос (вакант) жумыс орынлары менен қатнаспақта. Кәрхана ҳәм шөлкемлерден келген ўәкиллер өзлеринде бар болған бос жумыс орынлары ҳаққында толық мағлыўмат берди.
Мийнет ярмаркасы даўамында 50 ге шамалас пуқаралар қатнасты. Дизимнен өткенлердиң көпшилигин алимент төлейтуғын, пробация есабында туратуғын шахслар ҳәм мийнет мигрантлары қурайды. Олар өзлерине сай болған жумыс орынлары менен танысты. Нәтийжеде, ярмарка даўамында 8 пуқара менен жумыс бериўшилер арасында мийнет шәртнамаларына қол қойылды. Буннан тысқары, 15 пуқараға жеңилликли кредит алыў бойынша мәсләҳәт берилди.
Сондай-ақ, бир қанша пуқараларға мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге таярлаў, қайта таярлаў ушын жолламалар берилди.


Бундай ярмаркалардың турақлы шөлкемлестирилиўи, жумыссыз болған пуқараларымыз ушын өзлерине мүнәсип жумыс орнын табыўда үлкен әҳмиетке ийе.
Қарақалпақстан хабар агентлиги