Шартүйме – ҳақыйқый қарақалпақ мәдениятының символы

7

И.В.Савицкий музейи коллекциясында дәстүрий қарақалпақ қыз-келиншеклериниң безениў буйымы – шәртүйме сақланады. Ол гүмистен исленген болып, төрт мүйешли көринисте, қызыл яқут, фируза ҳәм реңли шийше менен безелген. Гейде безеў композициясы шынжырлы безеўлер менен толықтырылады, олар ҳәрекетлениў ўақтында жағымлы сеслер үйлесимин пайда етеди.

Безеў буйымының аты “шар” сөзи менен байланыслы болып, бул “төрт тәреп” деген мәнисти аңлатады ҳәм бул дүньяның пайда болыўына тийисли әййемги қыялларды сәўлелендиреди. Шартүйме дүньяның төрт тәрепи символын сәўлелендиреди ҳәм бир пүтинликти аңлатады. Қапталы ҳәм төмени көбинесе жапырақлар менен безелип, бул буйымның қорғаў ўазыйпасын күшейтеди.

Шартүйме – әпиўайы кийим безеги емес, ол мәртебе белгиси, қорғаўшы тумар ҳәм халықтың дүньяқарасын сәўлелендириўши буйым болып, ондағы ҳәр бир тас ҳәм ҳәр бир форма өз алдына мәниске ийе.

Қарақалпақстан хабар агентлиги