Енди қурылыс объектлери жасалма интеллект жәрдеминде қадағаланады

14

Бүгинги күнде жасалма интеллект турмысымызға жедел кирип келмекте. Бул болса мийнет нәтийжелилигин арттырыў менен бирге сапа турақлылығын да тәмийинлемекте.

Бул имканияттан пайдаланған ҳалда Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясы ҳәм аймақлық инспекцияларда шөлкемлестирилген онлайн бақлаў орайлары арқалы мәмлекет есабынан қурылып атырған барлық объектлерди аралықтан бақлаў системасы жолға қойылмақта.

Бул объектлерге орнатылған камералар ҳәзирги ўақытта онлайн бақлаў орайларына басқышпа-басқыш интеграцияланып, орайлар жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын электрон бағдарламалар менен тәмийинленбекте. Бул арқалы қурылыс процесслерин автоматикалық тәризде ҳәм жоқары анықлықта бақлаў мүмкин.

Атап айтқанда, 2026-жыл январь айында 1000 нан аслам бақлаў камералары арқалы 1144 кемшилик анықланған ҳалда оларды сапластырыў бойынша жазба көрсетпелер берилди. Итибарлы тәрепи сонда, кемшиликлердиң 500 ден асламы жасалма интеллект жәрдеминде автомат түрде онлайн бақлаў орайлары арқалы анықланған. Қәнигелердиң пикиринше, бул системаны раўажландырыў арқалы тараўдағы тармақлар және де унамлы өсиўге ерисиў мүмкин.

Шербек Исламов, ӨзА