Ҳәр ҳәптениң пийшемби күни “Жаслар күни” деп белгиленди

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң “Көксарай” резиденциясында жаслар менен даўам етип атырған сөйлесиўинде атап өтилди.
Мәмлекетимизде ҳәр ҳәптениң пийшемби күни министрликлер, уйымлар ҳәм ҳәкимликлерде “Жаслар күни” болатуғыны белгиленди.
Сол күни тараўға жуўапкер басшылар мәҳәлле, мектеп ҳәм техникумларға барып, жасларды тыңлайды ҳәм машқаласын шешеди.
Ҳәкимлер жасларға мөлшерленген саўда-сервис жойбарларын ислейди, жаслардың билим алыўы, спорт пенен шуғылланыўы, кәсип ҳәм тил үйренип, жумысқа кириўи ямаса исбилерменлик пенен шуғылланыўына жәрдемлеседи, стартапшылар менен ушырасыўлар өткерип, өз алдына қаржы ҳәм грантлар ажыратады.
Ең жақсы қыйтақ жер ийеси, фермер, санаатшы, стартапкер, дөретиўши, руўхый ҳәм басқа да тараўлардағы жаслар ушын қызықлы темаларда таңлаў ҳәм ярмаркалар өткериледи.
ӨзА