Мектепте инклюзив класслар ашылды

25

Нөкис қаласындағы 23-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде инклюзив билимлендириў бағдарында әҳмийетли қәдем тасланды. Атап айтқанда, оқыў дәргайында инклюзив класслар шөлкемлестирилип, айрықша билимлендириў мүтәжлиги бар оқыўшылар ушын заманагөй ҳәм қолайлы шараятлар жаратылды.

– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 13-октябрьдеги 638-санлы қарарына тийкарланып, мектепте 4 класс ушын 4 арнаўлы педагог бириктирилип, 4 оқыўшы инклюзив билимлендириў процесине тартылды, – дейди мектеп директоры Анора Төренова. – «Инклюзив классларда балаларға индивидуаллық қатнас тийкарында билим берилмекте. Ҳәр бир оқыўшының имканиятлары ҳәм талаплары есапқа алынып, сабақлар заманагөй методикалар тийкарында шөлкемлестирилген. Муғаллимлер арнаўлы методикалар ҳәм бейимлестирилген бағдарламалар тийкарында сабақларын алып барып, ҳәр бир оқыўшының қәбилети ҳәм зәрүрлигинен келип шығып билимлендириў процесин шөлкемлестирмекте. Бул болса балалардың билим алыўға болған қызығыўшылығын арттырыўға, олардың жәмийетке табыслы интеграцияласыўына хызмет етпекте.

Усылар менен бирге, мектепте билимлендириўдиң сапасын буннан былай да арттырыў мақсетинде заманагөй электрон тахталар да орнатылған. Жаңа технологиялар жәрдеминде муғаллимлер сабақ процесин интерактив усылда шөлкемлестирип, темаларды визуал ҳәм әмелий көринисте түсиндириў имканиятына ийе болмақта. Электрон тахталар арқалы презентациялар, видеосабақлар, анимациялар ҳәм ҳәр қыйлы дидактикалық материаллардан нәтийжели пайдаланылмақта.

Инклюзив билимлендириў – бул тек ғана билимлендириў процеси емес, ал, меҳир, итибар ҳәм тең имканиятлар орталығы екенин атап өтиў керек. 23-санлы мектеп жәмәәти тәрепинен жаратылып атырған шараятлар балалардың өзине болған исенимин беккемлеў, олардың социаллық белсендилигин арттырыў ҳәм сапалы билим алыўын тәмийинлеўге қаратылған.

Бул баслама республикамызда инклюзив билимлендириўди раўажландырыў бағдарындағы әмелий жумыслардың айқын үлгиси болып, келешекте басқа да билимлендириў орынлары ушын да нәтийжели тәжирийбе ўазыйпасын атқарыўы күтилмекте.

Бийбисара Жартыбаева,

Бердақ атындағы ҚМУдың 2-курс магистранты

Қарақалпақстан хабар агентлиги