Онлайн қабыллаў – пуқаралар ҳәм суд арасында ашық сөйлесиў майданы

12

Суд-ҳуқық тараўында пуқаралардың мүрәжатларын тиккелей тыңлаў, оларға ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў ҳәм машқалаларын шешиўге жәрдемлесиў – мәмлекетлик уйымлардың тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып есапланады.

Усы тийкарда, Қарақалпақстан Республикасы суды тәрепинен жолға қойылған онлайн қабыллаўлар пуқаралар ушын үлкен қолайлық жаратып атырғанын айрықша атап өтиў зәрүр.

Соның ишинде, физикалық жақтан суд имаратына барыў имканияты болмаған ямаса алыс аймақта жасайтуғын пуқаралар онлайн сөйлесиў арқалы өз машқаласын аңсат жеткериў имканиятына ийе болмақта. Бул болса, суд системасы хызметкерлериниң халықтың ишине кирип барыўы, адамлардың дәртин тыңлаўы ҳәм турмыслық машқалаларды әдиллик тийкарында шешиўге умтылыўынан дәрек береди.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы судларының басшылары  Қоңырат, Мойнақ ҳәм Қанлыкөл районлары пуқаралары ушын онлайн түрде қабыллаў өткерип, онда аймақ турынларының суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатлары тыңланды.

Видеоконференц-байланыс режиминде шөлкемлестирилген онлайн қабыллаўда пуқаралар өзлерин қызықтырған ҳуқықый мәселелер, соның ишинде, кредит, шаңарақлық тартыслар, қарыз өндириў, ис ҳақы өндириў, суд қарарларының орынлаўына байланыслы машқалалар бойынша өзлериниң мүрәжатлар жоллады.

Суд баслықлары тәрепинен ҳәр бир мүрәжат айрықша көрип шығылып, пуқараларға нызамшылық шеңберинде тийкарланған түсиниклер берилди. Айырым жағдайларда мүрәжат етиўге тийкар болған жағдайлар бойынша суд ҳүжжетлери қайта үйренилиўи ҳәм тийисли уйымларға өтиниш хаты жиберилиўи белгиленди.

Онлайн қабыллаў процесинде пуқаралардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў мақсетинде, оларға әмелдеги миллий нызамшылық, пуқаралық-процессуал ҳәм ҳәкимшилик ис жүргизиў тәртиплери, мүрәжат етиў ҳуқықлары ҳаққында қосымша мағлыўматлар да берилди.

Адилбай Оразов,

                                               Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы