Дүнья хабарлары қысқа қатарларда

10

Женевада АҚШ-Иран сөйлесиўлериниң жаңа басқышы


Оман дәлдалшылығында АҚШ ҳәм Иран арасындағы ядролық сөйлесиўлердиң гезектеги раунды пийшемби күни Женевада өткериледи. Иран сыртқы ислер министри Аббос Арақчи бул ушырасыў дипломатиялық шешим ушын “жақсы имканият” болатуғынын атап өткен. Соның менен бирге, Вашингтон регионда әскерий күшлерди күшейтип, қосымша ҳаўа қорғаныў системаларын жайластырған.

Ақ үй басшысы Дональд Трамп сөйлесиўлер сәтсиз жуўмақланса, шекленген соққылар болыў итималын бийкарламады. Тегеран болса тек ғана ядролық бағдарлама мәселеси додаланып атырғанын, уранды байытыў ҳуқықынан ўаз кешпейтуғынын айтып атыр. Тәреплер арасындағы келиспеўшиликлер сақланып турған бир ўақытта, ҳәр еки тәреп де ҳәр қандай сценарийге таяр екенин билдирген.

Венгрия Киевке ультиматум қоймақта


Венгрия 20-санкциялар пакети қабыл етилиўине қарсы екенин жәриялады. Мәмлекет сыртқы ислер министри Петер Сийярто Украина Россия соққысынан зыянланған “Дружба” қубырын оңлап, Венгрияға нефть транзитин қайта тиклемегенше, Будапешт пакетти қоллап-қуўатламайды, деди.

Рәсмий Киев бул баянатларды “шантаж ҳәм ультиматум” деп атады. Ҳәзирги ўақытта Словакия да нефть жеткерип бериў тикленбесе, Украинаға электр энергиясын жеткерип бериўди тоқтатыў менен қәўип салған. Россия ҳүжимлери себепли Украина энергетика инфраструктурасы аўыр зыян көрген бир шараятта, Венгрияның бул позициясы ЕА ишиндеги келиспеўшиликлерди және де күшейтпекте.

Араб мәмлекетлери АҚШ елшисиниң баянатын қаралады


Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Араб Лигасы, Персия қолтығы бирге ислесиў кеңеси ҳәм жәми 14 араб мәмлекети АҚШтың Израильдеги елшиси Майк Хаккабиниң баянатларын кескин қаралады. Хаккаби интервьюде Израиль араб аймақлары, соның ишинде Батыс жағалық үстинен қадағалаў орнатыўы мүмкин екенин айтқан еди. Биргеликтеги билдириўде бул пикирлер халықаралық ҳуқық ҳәм БМШ Режесине қайшы екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетлер бул сөзлер региондағы кескинликти күшейтетуғынын ҳәм еки мәмлекетлик шешим бойынша ҳәрекетлерге зыян жеткеретуғынын билдирди. Олар 1967-жыл шегаралары тийкарында ғәрезсиз Палестина мәмлекетин дүзиў идеясын қоллап-қуўатлайтуғынын және бир мәрте тастыйықлап, Вашингтондан жағдайға анықлық киргизиўди сорады.

Тегеранда студентлер митинги қайтадан ҳәўиж алды


Иран пайтахтындағы университетлерде ҳүкиметке қарсы митинглер даўам етпекте. Тегерандағы жоқары оқыў орынларында түсирилген видеоларда студентлер “би шараф” (“шерменде”) деп сүренлер айтқаны ҳәм ҳүкимет тәрепдарлары менен соқлығысыўлар жүз бергенин көрген.

Ҳәзирги ўақытта АҚШ регионда әскерий таярлықты арттырмақта ҳәм президент Дональд Трамп сөйлесиўлер нәтийжесиз жуўмақланса, шекленген соққылар бериў итималын бийкарламаған. Иран президенти Масуд Пезешкиян мәмлекет сыртқы басымға бас иймейтуғынын атап өтти. Региондағы қәўипсизлик жағдайы жаманласқаны себепли бир қатар мәмлекетлер өз пуқараларына Иранды тәрк етиўди усыныс еткен.

Брюссель: тарифлер асырылмаўы керек


Европа комиссиясы АҚШтан өткен жылы дүзилген саўда келисимине әмел етиўди талап етти. Жоқары суд Дональд Трамптың глобаллық тарифлерин бийкар еткенинен кейин, президент ўақтынша 10 процентлик, кейин болса 15 процентлик улыўма бажы енгизген еди. Брюссель Вашингтондан кейинги қәдемлер бойынша “толық анықлық” сораған.

Комиссия баянатында ЕА өнимлери ушын келисилген 15 проценттен артық тариф қолланылмаўы шәрт екени атап өтилди. Брюссельге бола, анық емес ҳәм өзгериўшең бажылар трансатлантикалық саўдаға зыян жеткереди ҳәм глобаллық базарларда исенимди төменлетеди.

Гренландия Трамптың “емлеўхана кеме” идеясын бийкарлады


Гренландия бас министри Йенс-Фредерик Нильсен АҚШ президенти Дональд Трамп усыныс еткен емлеўхана кемесин жибериў идеясына “жоқ, рахмет” деп жуўап берди. Бизге белгили, Трамп Луизиана губернаторы Жефф Ландри менен бирге Гренландияға медициналық кеме жибериў үстинде ислеп атырғанын айтқан еди. Нильсен болса мәмлекетте пуқаралар ушын бийпул мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасы бар екенлигин атап өтти.

Соның менен бирге, ол Гренландия сөйлесиў ҳәм бирге ислесиўге ашық екенин билдирип, Вашингтонды социаллық тармақлардағы билдириўлердиң орнына тиккелей сөйлесиўлерге шақырды. Кейинги айларда Трамптың Арктика аймағы ҳаққындағы баянатлары НАТО аўқамласлары арасында кескинликке себеп болған еди.

Мусулмон Зиё, ӨзА