Изертлеў, нызамшылық ҳәм инсаныйлық

17

Социаллық изертлеўлер дәслеп машқаланың көринисин сызып береди, яғный статистика ҳәм есаплаўлар машқаланың көлемин анықлайды. Системалы алып барылған бақлаўлар машқаланың өсип ямаса кемейип барыўы ҳаққында жуўмақ береди. Социолог илимпаз машқаланың себеплерин изертлейди, оның қәўпи ҳәм ақыбетлерин талқылап өткерип, күтилип атырған итималлық жағдайлар ҳаққында болжаў береди. Яғный, пәлен машқаланың көлеми халық арасында пәлен процентти қурап атыр, соңғы бес жыллық статистикаға бола, машқала кеңейип атыр, машқаланың өсиў тезлиги пәлен процентти қурап атыр, машқаланың кеңейиўи экономикалық, финанслық ямаса билимлендириў, ямаса денсаўлықты сақлаў, ямаса руўхый тәрбия жумысларындағы кемшиликлер менен пропорционал сыяқлы нәтийжелер баян етиледи. Ҳәр бир жуўмақ ҳәм көрсеткиш избе-из ҳәм анық изертлеўлер үстинде көринеди.

Ҳәр қандай машқала жәмийеттиң жарасы. Жараны мәлҳәм менен емлеў де мүмкин ямаса они кесип де дүзетиў мүмкин. Дәри-дәрмақ пенен емлеў бул жараның, кеселликтиң дәслепки басқышындағы жумыс болып есапланып, егер кеселлик күшейсе, енди кескинлеў илажлар көриўге мәжбүр болып қалады. Қытайлы сәркарда Сун Зи: “Ең жақсы урыс – болмаған урыс”, “Ең жақсы жеңис – урыссыз ерисилген жеңис”, дегениндей, кеселликтиң алдын алыў ҳәм оның дәслепки белгилери көрингенде емлеўден жақсы жумыс жоқ.

Жәмийетте түрли жаралар пайда болмай, алдын алыў турақлылық кепили. Буның ушын жәмийет турақлы социаллық изертлеўлер тийкарында бақланыўы, үйренилиўи керек. Егер социаллық изертлеўлер системалы ҳәм илимий тийкарда қәлиплестирилмесе, күннен-күнге жүзеге келип атырған машқалалар ҳәммени тупик жолға киргизип қояды.

Ҳәр қандай материаллық машқала, ол парахорлық, жынысый зорлық, урлық, келиспеўшиликлердиң көбейиўи, ғалабалық стресс ҳәм тағы басқалар – булардың ҳәммеси руўхый жетиспеўшиликтен басланады. Руўхый жетиспеўшилик – әдеп-икрамлылық нормаларына әмел етпеў, яғный қанаат, ийбе, кишипейиллик, асықпаў, салмақлылық ҳәм сол сыяқлы пазыйлетлердиң адамларда жетиспеўи үлкен-үлкен машқалаларға тийкар жаратады.

Социаллық машқала жәмийетте руўхий турақсызлықты пайда етеди, қатнасықлардағы тең салмақлылыққа зыян жеткереди. Егер өз ўақтында илаж көрилмесе, оның ақыбетинде үлкен кризис ҳәм апатшылықлар жүз бериўи сөзсиз.

Жәмийетти мине усындай апатшылықлардан сақлаў ушын мәмлекет институтлары жумыс алып барады, атап айтқанда, нызам шығарыўшы ҳәкимият бул мәселеде тийкарғы ўазыйпаны атқарады. Нызамлар жәмийеттеги барлық түрдеги қатнасықларды тәртипке салып, нызамбузыўшылықлар, наҳақларға қарсы илажлар көриў менен шуғылланып, әлбетте, бул искерлик тийкарында мәнаўий тәреплер итибарға алыныўы керек. Сондай-ақ, нызамларды қабыл етиў ҳәм бийкарлаў әпиўайы ҳәдийсе емес, демек, ҳәр бир жаңа нызам ямаса өзгертиўге болған зәрүрлик илимий тийкарланыўы шәрт. Нызамлар төменги палатаның усынысы ҳәм жоқары палатаның тастыйықлаўы менен әмелиятқа жақынласса да, нызам формасына киргенге шекем оған болған талаптың илимий тийкары бар болыўы керек.

Әлбетте, жәмийетте белгили бир көрсеткишке ийе болған жынаятлар, мәселен, адам өлтириў, урлық, тонаўшылық, алдаўшылық ҳәм т.б., бир сөз бенен айтқанда, жәмийетлик қәўпи үлкен болған жынаятларға қарсы нызамлы жазалар кодекслерде сәўлеленеди, бирақ мәселениң биз айтпақшы болған тәрепи сонда, бул машқалалардың жәмийетте көбейип ямаса азайып атырғаны ҳаққында анық мағлыўмат зәрүр. Бул жазалардың муғдарын белгилеўде әҳмийетли. Яғный машқала көлеми ҳәдден тысқары кеңейип кеткен болса, жазалардың қаттырақ болыўы тәбийғый, бирақ машқала еле кең ен жайып үлгермеген болса, оған руўхый усылда сапластырыў илажлары бирлемши ўазыйпа есапланыўы керек.

Нызамлар адамгершиликти қорғаўы керек. Адамгершилик жоғалса, ҳәмме нәрсе жоғалады. Инсаныйлық бул мийрим-шәпәәт, жүректиң жумсақлығы, зулымлық пенен келиспеўшилик, наҳақлыққа қарсы қатаң түрде нызам тийкарында гүресиў, әззи ҳәм бийшараларды түсиниў болып табылады. Сондай-ақ, ҳәр бир илаж жағдайға сай болыўына ерисиў керек. Яғный берилип атырған дәри кеселликти емлеўи керек, оны өлтирип қоймасын.

Ҳәзирет Саҳыпқыран Әмир Темур машқалаларды он бөлекке бөлип, тоғыз бөлегин мәсләҳәт пенен шешиўди мақул көретуғын еди. Тек бир бөлегинде ғана күш ислететуғын еди. Қәлбтиң ояўлығы ҳәм ақылдың тереңлиги менен қыйын жағдайларға түспеў, ал аўыр жағдайлардан шығып кетиў мүмкин. Бул болса және еки исти – руўхый жетиклик ҳәм илимий тийкарланған социаллық бақлаўларды талап етеди.

Бизиң шараятымызда ҳәмме тәрептен айқын көринетуғын машқалалар төмендегилер болып табылады:

Шаңарақлар беккемлиги. Яғный шаңарақлардың ажырасыўларының көбейгени үлкен машқала. Бул жерде бәринен бурын, жасларға шаңарақтың қәдирин түсиндириў ҳәм ажырасыў мәселесиниң қурамалы басқышларын енгизиў зәрүр. Ҳаял-қызлар ҳуқықы ямаса гендер теңлиги деген атамалар астында ҳәр қыйлы кескин нызамшылық илажлар күтилген нәтийжени бермейди. Ҳаялға зулымлық ең дәслеп, руўхый артта қалыўшылықтан келип шығады. Демек, ең үлкен күш еркек ҳәм ҳаялдың шаңарақтағы ўазыйпасын аңлатыўға, сондай-ақ, ерли-зайыплылар бир-бирин түсиниўи, қәдирлеўи керек екенлигин түсиндириўге мобилизацияланыўы шәрт. Гендер теңлиги тәмийинлениўи ушын, ҳаялдың ҳуқықын күшейтемиз деп, бир тәрептиң нызамлы шеклеўин қоллап-қуўатлап, екинши тәрептиң жеңилликлерин арттырыў арқалы ерли-зайыплы арасында душпанлық ҳәм өшпенлиликти пайда етпеў керек. Адамлардың дүньяға көзқарасларында айырмашылықлар бар, бир күни қәтелессе, бир күни тәўбе етиўи бар, ерли-зайыплылар урысы – бет орамал қурыўы, кескин нызамлы илажлар ақыр-аяғында шаңарақтың кризисине алып келиўи тәбийғый.

Жаслар тәрбиясындағы машқалалар. Жаслар арасында ишиўшилик, жынаят, жынысый турмыстың ерте басланыўы, илим ҳәм маманлыққа болған умтылыстың төменлеўи, қарым-қатнастағы жетиспеўшилик белгилери көбейген. Мәселен, онлайн формада ойын ойнайтуғын балалардың дүньяға көзқарасы бүгин бизди айрықша ойландырыўы керек. 2023-жыл февральда “Aslam boi” лақаплы PUBG ойыншысы болған жас өспирим тәртип бузыўшылығы ушын ИИБге шақырылғанында бир топар PUBGши балалар оны қорғаў ушын көшеге шығып топар болып жүрген еди. Машқала тез шешилди, бирақ ол пүткиллей жоғалды дегени емес, онлайн түрде PUBGге тутқын болған мыңлаған балалардың руўхый жағдайы қатаң ойланатуғын ҳәм илимий тексерилетуғын социаллық ҳәдийсе болып табылады.

Раўажланған мәмлекетлерде, атап айтқанда, АҚШта адамлардың жумыссызлығы, шаңарақсызлығы, нәшебентлик затларға берилип, өзлигин жоғалтыў дәрежеси кең екенлиги ашық ҳақыйқат. Атап айтқанда, Лас-Вегас қаласы астындағы туннельлерде мыңлаған адамлар жабайы жағдайда жасап атырғаны ҳаққында интернет дереклеринде жетерли ҳүжжетлер бар. Сондай-ақ, Японияда жаўгершилик жағдайы да бар, бул ҳәдийсе де бизиң итибарымыздан шетте қалыўы мүмкин емес. АҚШ ҳәм Япониядағы бул еки жағдайдың улыўма мәниси сонда, адамларға, жәмийетке қосылыўды қәлемеген, шаңарақ жуўапкершилигинен қашқан адамлар мине, усындай турмыс тәризин таңлаған. Олар ҳәр қандай бақлаў-қадағалаўдан жырақ болыўды қәлейди. Турмыс тәризлеринде пүткиллей адамгершилик белгилери жоқ.

ӨзА