Екилемши турақ жайлар ушын ипотека кредитлери бойынша процент ставкалары 0 проценттен 32 процентке шекем белгиленген

8

Бизге белгили, елимизде турақ жай базары экономиканың ең белсенди сегментлеринен бири болып қалмақта. 2026-жылдың басында коммерциялық банклер тәрепинен усыныс етилип атырған ипотека ҳәм оңлаў кредитлериниң шәртлери процент ставкалары ҳәм кредит көлемлери бойынша кең диапазонда қәлиплескени бақланбақта. Бул болса базарда бәсеки ҳәм түрли финанслық инструментлер бар екенлигинен дерек береди.

Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясының мәлим етиўинше, бирлемши ҳәм екилемши турақ жайлар ушын ипотека кредитлери бойынша процент ставкалары 0 проценттен 32 процентке шекем белгиленген. Ең жоқары кредит муғдары болса 3 миллиард 420 миллион сумға шекем жетиўи мүмкин.

“Жасыл” оңлаў ҳәм әпиўайы оңлаў кредитлеринде болса процент ставкалары 18-32 процент аралығында қәлиплескен болып, максимал кредит муғдары 1 миллиард 442 миллион сумға шекем белгиленген.

Әлбетте, 0 процентлик усыныслар белгили бир шәртлер яғный субсидия, акционерлик бағдарлама ямаса қысқа мүддетли жеңиллетилген дәўир менен байланыслы болыўы мүмкин. Әмелде болса ипотека кредитлериниң орташа базар ставкасы тийкарғы ставка ҳәм инфляция дәрежеси менен тығыз байланыслы.

Ипотека базарын тәртипке салыў ҳәм финанслық турақлылықты тәмийинлеў процесинде Орайлық банк шешиўши роль атқарады. Тийкарғы ставка дәрежеси ҳәм пул-кредит сиясаты ипотека процентлерине тиккелей тәсир етеди.

Соның менен бирге, Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен ипотека кредитлери бойынша субсидия механизмлери енгизилген. Айырым категориядағы пуқаралар ушын процент қәрежетлериниң бир бөлеги мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.

Соңғы жыллары ипотека қаржыландырыўында базар принциплерине өтиў, банк ресурсларын диверсификациялаў ҳәм ипотека облигацияларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Энергия үнемлеўши турақ жайлар ҳәм оңлаў жойбарларын қоллап-қуўатлаў соңғы жылларда тийкарғы бағдарға айланды. “Жасыл” кредитлер арқалы қуяш панельлерин орнатыў, ыссылық изоляциясы жумыслары, энергия нәтийжели үскенелер сатып алыў қаржыландырылмақта.

Бул бағдар мәмлекеттиң турақлы раўажланыў стратегиясы ҳәм углерод шығындыларын қысқартыў мақсетлери менен үйлескен.

Ипотека процент ставкалары төмендеги тийкарғы факторларға байланыслы. Соның ишинде, бәринен бурын инфляция дәрежесине байланыслы. Соның менен бирге, Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы, банк ресурсларының баҳасы, Мәмлекетлик субсидия бағдарламалары, қарыз алыўшының төлеў қәбилетине де байланыслы.

Инфляция турақласқан шараятта узақ мүддетли ресурслар арзанлаўы мүмкин. Бул болса ипотека базарында процентлерди төменлетиў имканиятын жаратады.

Қурылыс көлеминиң артыўы ипотека базары менен тығыз байланыслы. Жаңа турақ жай массивлери ҳәм инфраструктура жойбарлары кредит талабын арттырмақта. Әсиресе, ири қалаларда екилемши базар белсендилиги сақланбақта.

Бирақ, жоқары процент ставкалары халықтың айырым қатламлары ушын финанслық жүкти сақлап қалмақта. Сол себепли ипотека базарында талап ҳәм усыныс тең салмақлылығы үлкен әҳмийетке ийе.

Қәнигелердиң пикиринше, усы жылы санлы ипотека хызметлериниң кеңейиўи, банклер арасында бәсекиниң күшейиўи, “жасыл” қаржыландырыўдың үлеси артыўы күтилмекте. Соның менен бирге, инфляцияны мақсетли көрсеткиш шеңберинде услап турыў ипотека базары турақлылығының тийкарғы шәрти болып қалады.

Бир сөз бенен айтқанда, 2026-жылдың басында Өзбекстан ипотека базары диверсификацияланған ҳәм түрли шәртлер тийкарында қәлиплескен ҳалда жумыс алып бармақта. Процент ставкалары кең диапазонда болса да, мәмлекет қоллап-қуўатлаўы ҳәм базар бәсекиси халық ушын имканиятларды кеңейтпекте. Экономикалық турақлылық, инфляцияны қадағалаў ҳәм финанслық тәртип сақланса, ипотека базары келешекте және де турақлы ҳәм ғалабалық сегментке айланыўы мүмкин.

Ш.Маматуропова,

ӨзА