Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясында жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириўге қабыллаў тәртиби жаңаланды

Ҳүкиметтиң 2026-жыл 19-февральдағы 70-санлы қарары менен “Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясында жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириўге қабыллаў ҳәм оқытыў тәртиби ҳаққында”ғы реже тастыйықланды. Оған бола Академияда жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириўге қабыллаў ҳәм оқытыўдың жаңа тәртиби белгиленди.
Жаңа тәртипке муўапық, қабыллаў төмендеги билимлендириў түрлери бойынша әмелге асырылады:
– таяниш докторантура;
– докторантура;
– өз бетинше излениўшилик.
Ҳүжжетлер Бирден-бир электрон система ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы – my.gov.uz арқалы қабыл етиледи.
Таяныш докторантура ҳәм докторантураға ҳүжжетлер ҳәр жылы 15-сентябрьден 15-октябрьге шекем қабыл етиледи. Кириў имтиханлары болса 1-ноябрьден 25-ноябрьге шекемги мүддетте өткериледи.
Қабыллаў процеси еки басқышта, 100 баллық баҳалаў системасы тийкарында шөлкемлестириледи. Биринши басқышта талабанлар қәнигелик пәнлеринен (жазыўлы, аўызеки ямаса тест түринде) имтихан тапсырады. Екинши басқышта болса диссертация режесиниң толық жойбарыныӊ презентациясы өткериледи.
Кириў имтиханларының нәтийжелери имтиханлар жуўмақланғаннан соң Академияның рәсмий веб-сайтында жәрияланады.
Ҳамроз Баянов,
ӨзАның хабаршысы