Жас футболшыларымыз халықаралық турнир чемпионы

Алдын хабар бергенимиздей, Қарақалпақстан Республикасы футбол академиясының 2013-жылғы туўылған жас өспиримлери Қырғыз Республикасында өткерилген «AFIM WINTER CUP» U13 халықаралық туринирине табыслы қатнасып, бир неше командаларды жеңилиске ушыратқан еди.
Бүгин усы турнирде ең соңғы тур ойынлары өткерилип, онда Қарақалпақстан Республикасы футбол академиясы командасы Әндижан ўәлаятының «Спартак Андижан» клубы тәрбияланыўшылары менен өз-ара ойынға түсти.
Турнир жеңимпазлығын анықлаўшы бул ойында жас футболшыларымыз өз қарсыласлары дәрўазасына жуўапсыз 15 гол урыўға миясар болды ҳәм турнирдиң бас сыйлығы менен сыйлықланды.
Жарыс соңында ҳәр қыйлы номинациялар бойынша да жеңимпазлар анықланып, онда командамыздың бас тренери Жеткербай Қайыпназаров «Ең жақсы тренер», Фаррух Аразгелдиев «Ең жақсы ойыншы» номинациясына ылайық деп табылды.
Командамыз футболшыларын бул жарысқа тренерлерден Жеткербай Қайыпназаров пенен бирге Серик Ахметалиев те таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы