Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыў: жаңа басқыш ҳәм тийкарғы ўазыйпалар

16

Мүнәсибет

Соңғы жыллары мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар аймақлардың раўажланыўын тәмийинлеўге, халықтың абаданлығын арттырыўға ҳәм экономикалық потенциалды толық жүзеге шығарыўға хызмет етпекте. Бул процессте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғаны дыққатқа ылайық.

Мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында өткерилген мәжилисте аймақта әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги, қолда бар имканиятлар ҳәм келешектеги ўазыйпалар ҳәр тәреплеме додаланды. 2017-жылдан баслап Қарақалпақстанның раўажланыўында пүткиллей жаңа басқыш басланды. Аймақта санаат, хызметлер, энергетика, туризм ҳәм санлы технологиялар тараўларында ири жойбарлар әмелге асырылды. Жаңа санаат кәрханалары, IТ парклер, энергетика қуўатлықларының иске қосылыўы экономикалық өсиўдиң әҳмийетли драйверине айланды.

Статистикалық көрсеткишлер бул процесстиң әмелий нәтийжесин айқын тастыйықлайды. Соның ишинде, санаат өнимлериниң көлеми 2016-жылға салыстырғанда бир неше есеге артты, жалпы аймақлық өним болса 8,5 триллион сумнан 54,3 триллион сумға жетти. Хызметлер тараўында да турақлы өсиў бақланып, оның көлеми 35 триллион сумнан асты. Соның менен бирге, инвестициялық орталықты жақсылаў мақсетинде енгизилген жеңиллик ҳәм преференциялар экономикаға инвестициялардың ағымын сезилерли дәрежеде көбейтти. Нәтийжеде, ҳәр жылы жүзлеген жойбарлар әмелге асырылып, мыңлаған жумыс орынлары жаратылды. Тек ғана 2025-жылдың өзинде 177 мыңнан аслам адамның бәнтлиги тәмийинленип, 83 мың пуқара кәмбағаллықтан шығарылды.

Қарақалпақстан ушын экологиялық турақлылық мәселеси айрықша әҳмийетке ийе. Арал теңизи қурыўының ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жойбарлар аймақтағы экологиялық жағдайды басқышпа-басқыш жақсыламақта. Қурыған теңиздиң түбинде миллионлаған гектарлық жасыл майданлардың жаратылыўы тәбиятты тиклеў менен бирге, жаңа экономикалық имканиятларды да жаратпақта. Социаллық тараўда да салмақлы нәтийжелерге ерисилди. Жаңа билимлендириў, медицина ҳәм инфраструктура объектлери қурылмақта, халыққа көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы жақсыланбақта. Бул болса халықтың турмыс дәрежесиниң өсиўине хызмет етпекте.

Соңғы жыллары аймақ экономикасының қурамында да сапа өзгерислери бақланды. Алдын экспорттың үлеси төмен болған болса, ҳәзир бул көрсеткиш 30 процентке жетти. Ал, улыўма экспорт көлеми 2,1 миллиард долларға жетти. Қарақалпақстанның тәбийғый ресурслары ҳәм қазылма байлықлары оның стратегиялық әҳмийетин және де арттырады. Цемент, қурылыс таслары, гипс, шийше ҳәм басқа да шийки зат резервлери ири санаат кластерлерин шөлкемлестириў ушын беккем тийкар болып хызмет етеди. Мәжилисте келеси бес жыллықтың раўажланыў параметрлери де белгилеп алынды.

Соның ишинде, жалпы аймақлық өнимди 102 триллион сумнан асламға жеткериў, санаат ҳәм хызметлер тараўында 7 миллиард доллардан аслам жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген. Соның менен бирге, экспортты 900 миллион долларға жеткериў, жумыссызлықты 4,2 процентке, ал, кәмбағаллықты 3,2 процентке азайтыў ўазыйпасы қойылды. Айырым қала ҳәм районларды жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыўға қаратылған мәнзилли илажлар ислеп шығылды.

Келеси жыллары аймаққа тиккелей сырт ел инвестицияларының көлемин 2,5 есеге арттырыў мақсет етилгени де үлкен әҳмийетке ийе. Жасалма интеллект орайы, автомобиль комплектлеўши бөлеклер кластери, базальт талшығын ислеп шығарыў, шығындыларды қайта ислеў сыяқлы жойбарлар экономиканы диверсификациялаўға хызмет етеди.

Жаслар ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде IТ университети, стартап технопарк ҳәм интеллектуаллық орайлар шөлкемлестириў режелестирилген. Бул болса Қарақалпақстанды инновациялық раўажланыў ноқатына айландырыўы күтилмекте. Аймақтағы жер ресурсларынан толық пайдаланыў, ықлымға сай жаңа егин түрлерин енгизиў ҳәм дәрилик өсимликлер жетистириў бойынша ўазыйпалар белгиленди. Шарўашылық ҳәм жайлаў хожалығын раўажландырыў, от-жем ислеп шығарыў ҳәм агросанаат комплекслерин шөлкемлестириў де әҳмийетли тийкарғы бағдарлардан болып есапланады.

Туризм тараўын раўажландырыў мақсетинде Аралбойы ҳәм Үстирт платосында глэмпинг зоналары, “Барса келмес” дуз кәни аймағында туризм-рекреациялық зона, Арал тарийхы музейин модернизациялаў сыяқлы жойбарлар әмелге асырылады. Бул жумыслардың есабынан аймаққа жүз мыңлаған сырт елли ҳәм миллионлаған жергиликли туристлерди тартыў режелестирилген. Қарақалпақстанның транспорт-логистика потенциалын арттырыў мақсетинде Қоңыратта халықаралық стандартларға жуўап беретуғын “қурғақ порт” шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды. Сондай-ақ, ишимлик суўы тәмийнаты, жол қурылысы ҳәм коммуналлық инфраструктураны жақсылаўға үлкен қаржылар қаратылатуғыны белгиленди.

Жуўмақлап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыўға қаратылған бул ўазыйпалар аймақ экономикасын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди. Белгиленген илажлар избе-из әмелге асырылса, аймақтың үлкен ресурс ҳәм инсан капиталы потенциалы толық көринеди.

Ең әҳмийетлиси, бул процесслер халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеўге хызмет етеди. Усы мәнисте, Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған реформалар тек ғана аймақты емес, ал пүткил мәмлекеттиң раўажланыўы ушын әҳмийетли стратегиялық әҳмийетке ийе.

Гүлжан Халмуратова,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, ӨзЛиДеП фракциясы, Инновациялық раўажланыў ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги