Енди ҳәр жылы “Жас исбилерменлер” чемпионаты өткериледи

9

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Стартапларды қоллап-қуўатлаўдың комплексли экосистемасын енгизиў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық, 2026-жылдан баслап ҳәр жылы жаслардың ең жақсы бизнес ҳәм стартап жойбарларын анықлаў ҳәм хошаметлеў бойынша “Жас исбилерменлер” чемпионаты өткериледи.

Оған бола, чемпионатта қатнасқан 100 ге шекемги бизнес ҳәм стартап жойбарлардың ҳәр бирине Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў мәмлекетлик мақсетли қоры ҳәм “Yoshlar ventures” венчур қорыныӊ қаржылары есабынан 1 миллиард сумға шекем инвестиция киргизиледи.

Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў мәмлекетлик мақсетли қорына ажыратылған қаржылар шеңберинде стартап ҳәм бизнес жойбарларды брендке айландырыў ушын финанслық ҳәм маркетинг хызметлери бойынша экспертлердиң базалық есаплаў муғдарының 100 есесине шекемги муғдардағы қәрежетлери төлеп бериледи.

Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў мәмлекетлик мақсетли қоры кеңеси чемпионат жеңимпазларын мәмлекетлик сыйлықлар, “Фаол тадбиркор” ҳәм “Өзбекистон белгиси” көкирек белгилерине усыныс етиў ушын ўәкилликли уйымларға усыныслар киргизеди.

2026-жыл 1-апрельден баслап “Санлы стартаплар” бағдарламасында қатнасыўшы стартап жойбарларға IТ-парк резиденти статусы бериледи ҳәм оларға нызамшылықта белгиленген минимал экспорт көрсеткишлериниң талабысыз тийисли жеңиллик ҳәм преференциялардан пайдаланыўға руқсат бериледи.

2026-жыл 1-апрельден баслап Стартап экосистемасының бирден-бир электрон платформасында дизимнен өткен стартап экосистема қатнасыўшыларына:

а) жуўапкер шөлкемлер тәрепинен тийисли тараўларға байланыслы стартап жойбарлар бойынша төмендеги қәрежетлер қаплап бериледи:

тийисли бағдарлардағы оқыў курсларында оқыў ҳәм сертификат алыў және абырайлы акселерация ҳәм инкубация бағдарламаларында қатнасыў менен байланыслы қәрежетлердиң 50 процентине шекемги, бирақ 20 мың АҚШ доллары эквивалентинен аспаған муғдарда;

патентлеў ҳәмде интеллектуаллық искерлик нәтийжелери ҳәм саўда белгилерин дизимнен өткериў;

б) Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў мәмлекетлик мақсетли қоры есабынан жаслардың стартап жойбарлары бойынша төмендегилер ажыратылады:

стартап студиялар, инкубация ҳәм акселерация орайларын шөлкемлестириў ушын жылына 20 ға шекем жойбарға 1 жыл жеңиллетилген дәўир менен 5 жылға шекемги мүддетке 5 миллиард сумға шекем процентсиз қарыз (ссуда);

жергиликли инкубация ямаса акселерация бағдарламаларында қатнасыў менен байланыслы взнос төлемлери ушын айма-ай ажыратылатуғын ҳәм улыўма муғдары базалық есаплаў муғдарының 100 есесинен аспаған грант.

2026-жыл 1-апрельден баслап аймақларда тиккелей Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң басшылығында Стартаплар клубы шөлкемлестириледи ҳәм оларға стартап интакерлери менен ҳәр айда ушырасыў, мәмлекетлик уйымлар менен жүзеге келген мәселелери бойынша әмелий жәрдем көрсетиў және усы аймақтағы ири исбилерменлик субъектлерин стартап жойбарларға бириктириў ўазыйпалары жүкленеди.

2026-жылдан баслап ҳәр жылы “Стартап экспо” көргизбесиниӊ өткерилиўи жолға қойылады.

ӨзА