Жаслардың ҳуқықый билимлери, жаңа реформалар бойынша түсиниклери арттырылмақта

8

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Юридика факультетинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, тьюторлар ҳәм студент-жаслар қатнасыўында “Нызам үстинлиги ҳәм инсан ҳуқықлары” атамасында медиа-тур шөлкемлестирилди.

Медиа-тур процесинде қатнасыўшылар мәмлекетимизде ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийет қурыў жолында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, суд-ҳуқық тараўындағы жаңаланыўлар, инсан ҳуқықларын қорғаўдың халықаралық стандартлары ҳаққында мағлыўматларға ийе болды.

Дәслеп қатнасыўшылар факультеттиң заманагөй үскенелер менен тәмийинленген криминалистика лабораториясында тергеў процесслеринде қолланылатуғын техникалық қураллар, дәлиллерди анықлаў ҳәм сақлаў усыллары, криминалистикалық экспертиза түрлери менен жақыннан танысты. Қәнигелер тәрепинен жынайый ҳәдийселерди ашыўда дәлиллерди илимий таллаўдың әҳмийети, криминалистикалық технологиялардың роли ҳәм заман талапларына сай инновациялық усыллар ҳаққында атап өтилди.

Студент-жасларға бармақ излерин анықлаў, микрообъектлер менен ислеў, жазба ҳүжжетлерди экспертизадан өткериў, фото ҳәм видео дәлиллер менен ислеў сыяқлы әмелий көнликпелер бойынша көргизбелер көрсетилди. Әмелий мысаллар арқалы жаслар өзлериниң теориялық билимлерин беккемлеп, келешекте ҳуқық қорғаў уйымларында ислеў ушын керек болатуғын әмелий тәжирийбе элементлерин үйрениў имканиятына ийе болды.

– Факультетимизде дерлик 50 жылдан берли юрист кадрлар таярлап келинбекте, – дейди Юридика факультетиниң деканы, юридика илимлери докторы, профессор Фархад Қутлымуратов. – Тәлимниң күндизги, сыртқы, кешки, аралықтан оқытыў, екинши қәнигелик түрлери шөлкемлестирилген. Буннан тысқары 5 қәнигелик бойынша магистратура, таяныш докторантура ҳәм қәнигелестирилген диссертация кеңеси бар. Факультетимизде 4 кафедрада юриспруденция тәлим бағдары, сиясаттаныў ҳәм руўхыйлық тийкарлары бойынша 3 мың 119 студентке 100 ге шамалас профессор-оқытыўшылар сабақ берип келмекте. Студентлердиң теориялық билимлерин әмелиятта және де беккемлеў мақсетинде болажақ нотариуслар, коррупцияға қарсы гүресиў, «Street low», жас криминалистлер сыяқлы 14 клуб ҳәм дөгереклер шөлкемлестирилген болып, өз тараўының маман қәнигелери усы жерде тәжирийбелери менен бөлиседи.

Буннан соң медиа-тур қатнасыўшылары факультетте шөлкемлестирилген оқыў суд залына барып, суд процесслериниң қалай шөлкемлестирилиўи ҳәм әмелге асырылыўы менен танысты. Суд мәжилисиниң структурасы, судьялардың қарар қабыл етиў принциплери, прокурор ҳәм адвокатлардың процессуал роли, сондай-ақ, суд этикасы ҳаққында толық түсиниклер берилди.

Сондай-ақ, Коррупцияға қарсы гүресиў коворкинг орайының жумысы менен таныстырылды. Орайда жаслар арасында коррупцияға қарсы иммунитетти қәлиплестириў, әдиллик принциплерин сиңдириў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

-Бүгинги медиа-турда қатнасыў мен ушын әмелий тәжирийбе болды, – дейди студент Азамат Қонысбаев. – Ҳуқықый билимлеримиз артты, жаңадан қабыл етилип атырған нызам ҳәм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында мағлыўматларға ийе болдық.

Илаж соңында қатнасыўшылар арасында пикир алысыў болып, нызам үстинлигин тәмийинлеўде ҳәр бир пуқараның ҳуқықый билимге ийе болыўы, нызамларға ҳүрмет пенен қараў руўхында тәрбияланыўының әҳмийети атап өтилди. Жаслар тәрепинен ҳуқықый билимлерди кеңнен үгит-нәсиятлаў, ҳуқықый мәдениятты көтериў ҳәм медиа-турлар менен әмелий илажларды турақлы шөлкемлестириў бойынша бир қатар басламалар усыныс етилди.

Медиа-тур жаслардың ҳуқықый санасын раўажландырыў, оларды нызамларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, әмелий көнликпелерин арттырыў ҳәм жаңа реформалардың мазмунын терең түсиндириў жолында әҳмийетли қәдем болды. Бундай илажлар келешекте ҳуқықый жәмийеттиң беккем тийкарын жаратыўға, жаслардың жәмийетлик белсендилигин арттырыўға ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаў мәдениятын қәлиплестириўге хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги