Гимнастларымыз 7 медальды қолға киргизди

39

16-20-февраль күнлери аралығында Ташкент қаласында спорт гимнастикасы бойынша жаслар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Бул жарысқа елимиздиң барлық аймақларынан ең күшли жас гимнастлар қатнасты.

Чемпионатта ең дәслеп командалық көпгүрес жарыслары өткерилип, онда Данияр Полатов, Саламат Сүйеўбаев, Рамазан Қонысбаев ҳәм Алихан Узақбаевтан ибарат республикамыз сайланды командасы Ташкент қаласы ҳәм Самарқанд ўәлаяты командасынан соң сыйлы 3-орынды ийелеўге миясар болды.

Сондай-ақ, бул жарыста жеккелик беллесиўлерде қатнасқан Руслан Сағындыков еки алтын ҳәм 1 гүмис медалын жеңип алып, спорт жанкүйрелерин шексиз қуўанышқа бөледи.

Бул спорт жарысына жас гимнастларды Улығбек Адилбеков ҳәм Серик Абуовлар таярлады.

– 21-февраль күни Қазақстанның Ақтаў қаласынан республикамыз спортшылары менен биргеликте оқыў-шынығыўларға қатнасыў ушын 11 спортшы менен тренер келди, – дейди гимнастика бойынша Қарақалпақстан  Республикасы сайланды командасының бас тренери Улығбек Адилбеков. – Усы оқыў-шынығыўларынан соң Нөкис қаласында халықаралық жарыс өткеремиз. Сондай-ақ, 10-март күни заманагөй спорт гимнастика орайында Өзбекстан чемпионаты да өткериледи. Ҳәзирги күнлери республикамыз командасы бул жарысларға пуқта таярлықлар көрмекте.

Әлбетте, жас гимнастларымыздың қолға киргизип атырған бул табысы республикамызда спорт гимнастикасына қаратылып атырған итибардың айқын көриниси болып табылады.

Адилбай Оразов,

                                               Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы