Жасыл реформаларға қарай әҳмийетли қәдем: Өзбекстанда ғәрезсиз экологиялық регулятор шөлкемлестирилди

43

Ҳуқықый мүнәсибет

Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2025-жыл 18-ноябрьде қол қойылған пәрман бул кең көлемли реформаға тийкар болды.

ТМЮУ Халықаралық ҳуқық ҳәм инсан ҳуқықлары кафедрасы оқытыўшысы Сарбиназ Расбергенова бул бойынша түсиник берди.

– Реформаның зәрүрлиги ҳәм институционаллық әҳмийети сонда, бундай өзгерислерге талап жерлердиң шөллениўи, суў ресурсларының патасланыўы ҳәм биологиялық ҳәр түрлиликтиң қысқарыўы сыяқлы барған сайын артып атырған экологиялық машқалалар менен белгиленеди. Реформаның әҳмийетли элементи сыпатында тиккелей Президентке есап беретуғын Миллий экология ҳәм климат өзгериўи комитети шөлкемлестирилди. Экологияны дәстүрий министрлик системасынан шығарып, тәбиятты қорғаў мәселелерин қәўипсизлик ҳәм экономикалық раўажланыў менен бир қатарда, биринши дәрежели мәмлекет ўазыйпасына айландырады. Комитеттиң регионаллық бөлимлери тек орайға бойсынады, бул болса жергиликли сиясий тәсирлерди шығарып таслаў ҳәм экологиялық қарарлардың қалыслығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Тийкарғы жаңалықлардан бири Экологиялық қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекцияның шөлкемлестирилиўи болды. Ол алдын түрли уйымлар арасында тарқалған инспекция ҳәм прокуратура структураларын бирлестиреди ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларына жақын ўәкилликлерди алады. Аўыр экологиялық нызамбузыўшылықлардың алдын алыў мақсетинде инспекторларға физикалық күш, арнаўлы қуралларды қолланыў ҳуқықы берилди. Хызметкерлердиң ҳәрекетлери мәжбүрий түрде боди-камераларға жазып алынады, бул болса ашық-айдынлықты, пуқаралар менен инспекторлардың қорғалыўын тәмийинлейди.

2026-жыл 1-сентябрьге шекем қоршаған орталықты мониторинг етиў ҳәм нызамбузыўшылықларды дизимге алыў әмелге асырылатуғын Бирден-бир экологиялық онлайн платформа енгизиледи. Буннан тысқары, I ҳәм II категориядағы кәрханалар өз мониторинг станцияларын орнатыўға мәжбүр, керисинше жағдайда оларға жоқары компенсация төлемлери қолланылады. Реформаларды қоллап-қуўатлаў ушын Мәмлекетлик мақсетли фонд шөлкемлестирилген болып, ол бюджет қаржылары, углерод бирликлеринен алынған дәраматлар, жәриймалар ҳәм утилизация жыйымлары есабынан тәмийинленеди. Сондай-ақ, исбилерменлик ҳәм халықтың қатнасыўын хошаметлеўши “Жасыл қайырқомлық фонды” да шөлкемлестирилди.

Жуўмақлап айтқанда, бийғәрез экологиялық регулятордың жаратылыўы тәбиятты қорғаўды басқарыўдың жаңа моделине өтиўди аңлатады. Бул модель институционаллық ғәрезсизлик, күшейтилген қадағалаў ҳәм тәбиятты ҳуқықый қорғаў, мониторингти санластырыў, турақлы қаржыландырыў ҳәм халықтың қатнасыўының кеңейиўи менен характерленеди. Бул қәдем мәмлекетимиздиң узақ мүддетли турақлы раўажланыўды таңлағанын сәўлелендиреди.

Гулноза Бобоева, ӨзА