Жас футболшыларымыз «Барселона» клубы академиясы тәрбияланыўшыларын жеңди

Ҳәзирги күнлери Қырғыз Республикасының Ош қаласында футбол бойынша «AFIM WINTER CUP»- U13 халықаралық туринири болып өтпекте.
Бул жарысқа жергиликли футбол академияларынан тысқары мәмлекетимиздиң жас футболшылары да қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллеспекте.
Атап айтқанда, бул турнирде қатнасып атырған Қарақалпақстан Республикасы футбол академиясының командасы дәслепки турда «Андижан» клубының тәрбияланыўшылары менен ойынға түсип, оларды 11:1 есабында жеңген болса, 2-турда майдан ийелери менен 1:1 ойнады. Ал, 3-турда болса, республикамыз футболшылары Қырғыз Республикасында жайласқан Каталонияның «Барселона» клубының «BARCA ACADEMY» командасы менен ойнап, өз қарсыласларын 2:3 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
– 4-турда болса, командамыз ағзалары Ферғананың «Нефтчи» клубы тәрбияланыўшыларын 9:1 есабында жеңип шықты, – Қарақалпақстан Республикасы футбол академиясы директоры Дамир Искендеров. – Енди бүгин соңғы турда командамыз Әндижан ўәлаятының «Спартак-Андижан» клубына қарсы өткереди.
Жас футболшыларымызды бул жарысқа академия тренерлеринен Жеткербай Қайыпназаров ҳәм Серик Ахметалиевлер таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы