ТМШ мәмлекетлери саўда бойынша бирге ислесиў меморандумына қол қойды

Түркий мәмлекетлер шөлкеми (ТМШ) экономика ҳәм саўда министрлериниң 14-мәжилиси Қазақстанның Түркстан қаласында болып өтти.
Илажда көп тәреплеме саўда ҳәм инвестицияны раўажландырыў, санлы трансформация, транспорт ҳәм логистика және Орта коридор нәтийжелилигин арттырыў мәселелери додаланды.
Тәреплер шөлкем шеңберинде экономикалық бирге ислесиў көлемин кеңейтиў, өз-ара саўданы раўажландырыў илажлары көрилип атырғанын бир аўыздан тастыйықлады. Атап айтқанда, усы процессте Өзбекстан, Әзербайжан, Қырғызстан ҳәм Қазақстан биргеликте шөлкемлестирген инвестиция қорының жәрдеминде түрли жойбарлар қаржыландырылып атырғаны атап өтилди.
Әнжуман жуўмағында саўда тараўында бирге ислесиў бойынша биргеликтеги коммюнике ҳәм өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды. Кейинги мәжилиске жылдың екинши ярымында Әзербайжан басшылық ететуғыны айтылды.
С.Раҳимов, ӨзА