Шығынды хызметинде жаңа тәртип: төлем тек ғана ҳақыйқый хызмет ушын

23

Соңғы жыллары коммуналлық хызметлер тараўыныӊ ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм халық ушын қолайлықларды арттырыў мәмлекетлик сиясаттағы тийкарғы бағдарлардан бирине айланды.

Әсиресе, шығындыларды басқарыў системасын тәртипке салыў, нызамсыз төлемлерди азайтыў ҳәм хызмет сапасы үстинен қадағалаўды күшейтиў бойынша избе-из реформалар әмелге асырылмақта.

Усы мақсетте 2026-жылдан баслап қатты турмыслық шығындыларды алып шығыў хызметинде пүткиллей жаңа төлем механизми енгизилди.

Әмелдеги тәртипке тийкарланып ҳәзирги 2026-жыл 1-январьдан баслап қатты турмыслық шығындыларды алып шығыў хызмети ушын ҳақы төлеўдиң жаңа тәртиби күшке кирди. Оған бола, санитариялық тазалаў тараўында тутыныўшылардан тек ғана әмелде көрсетилген хызмет ушын төлем болып есапланады ҳәм барлық есап-санақлар онлайн системалар арқалы әмелге асырылады. Онлайн төлем системасы бир қатар қолайлықларды усынады.

Енди халық төлемди қәлеген ўақыт ҳәм орында әмелге асырыўы мүмкин, банкке барыў ямаса нәўбет күтиўге зәрүрлик жоқ. Сондай-ақ, есапбетлерди тексериў, төлем чеклерин жүклеп алыў ҳәм хызмет процесин қадағалаў бираз аңсатласты.

Ең әҳмийетлиси, бул система нызамсыз төлемлер ҳәм қаржыларды жасырыў жағдайларының алдын алып, тараўда ашық-айдынлықты тәмийинлейди.

Жаңа тәртипке муўапық, халықтан түскен қаржылар тиккелей санитариялық кәрханаларға емес, ал мәмлекет қадағалаўындағы арнаўлы есап бетине қаратылады. Бул есап-санақ Шығындыларды басқарыў ҳәм айланбалы экономиканы раўажландырыў агентлиги тәрепинен жүргизиледи. Кейин ала операторларға ҳақы тек ғана ҳақыйқый орынланған жумыс көлеми – шығынды тоннасы ҳәм арнаўлы техниканың басып өткен аралығына қарап төленеди.

Соның менен бирге, санитариялық кәрханалардың жумысы ҳәр айда баҳаланып, “қызыл”, “сары” ҳәм “жасыл” категорияларға ажыратылады. Баҳа төлемге тиккелей тәсир етеди: хызмет сапасы төмен болса, жәрийма қолланылады, ҳәтте шәртнама бийкар етилиўи де мүмкин.

Мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирдиң өзинде 14 кәрхана “қызыл” категорияға түсип, жәриймаға тартылды, еки кәрхана менен шәртнама бийкар етилди.

Сондай-ақ, әмелде көрсетилмеген хызметлер ушын есапланған 11,9 миллиард сумлық реал емес қарыздарлықлар электрон системадан шығарылды.

Тараўда санластырыў процеси де жедел даўам етпекте. “Таза Мәкан” бирден-бир электрон биллинг системасына республика бойынша 9 мың 430 мәҳәлле ҳәм 7,1 миллион абонент жалғанған.

Электрон картаға мыңлаған шығынды жыйнаў орынлары киргизилген, арнаўлы техниканың көпшилиги GPS арқалы бақланбақта, жүзлеген майданша ҳәм техникалар онлайн камералар менен қадағаланбақта. 2030-жылға шекем бул қадағалаўды 100 процентке жеткериў режелестирилген.

Буннан тысқары, биллинг системасының электр тәмийнаты менен интеграцияланыўы тараўды толық санластырыў ҳәм хызмет көрсетиўшилерден жоқары сапа талап етиў имканиятын және де кеңейтти.

Қысқаша айтқанда, шығындыларды алып шығыў хызметиниң жаңа системасы – ашық-айдынлық, әдил төлем ҳәм қатаң қадағалаўды тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли қәдем болды. Енди халық тек ғана ҳақыйқый хызмет ушын төлейди, хызмет көрсетиўшилер болса нәтийжеге қарап баҳаланады.

Муҳайё Тошқораева,

ӨзА