Егис мәўсимине таярлық бойынша көргизбели семинар өткерилди

Қоңырат районында 2026-жылдың зүрәәти ушын егис мәўсимине пуқта таярлық көриў, заманагөй агротехнологияларды енгизиў ҳәм аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылып атырған тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған семинар болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, район ҳәкимлигиниң жуўаплы хызметкерлери, тараўлық шөлкемлердиң басшылары, фермер хожалықларының басшылары ҳәм аўыл хожалығы қәнигелери қатнасты.
Семинар шеңберинде қатнасыўшыларға егиў ҳәм тәрбиялаў процесслеринде пайдаланылатуғын заманагөй аўыл хожалығы техникалары, агротехнологиялық қураллар ҳәм материаллық ресурслар көргизбели түрде көрсетилди.
Илажда 2026-жылдың өними ушын егис жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў, аўыл хожалығы техникаларының техникалық жағдайы ҳәм мәўсимге таярлығын тәмийинлеў, минерал төгинлер, гербицидлер ҳәм басқа да зәрүр қураллар менен өз ўақтында тәмийинлеў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Сондай-ақ, егиў техникаларын отрядлар кесиминде нәтийжели бөлистириў, фермер хожалықларына әмелий жәрдем көрсетиў және заманагөй “Shinjon” усылы тийкарында плёнка қаплаў ҳәм тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиў арқалы жоқары өнимдарлыққа ерисиў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынды.
Атап өтилгениндей, бул семинар 2026-жыл зүрәәти ушын беккем тийкар жаратыў, аўыл хожалығында нәтийжелиликти арттырыў ҳәм тараўда алдынғы технологияларды кеңнен енгизиўде үлкен әҳмийетке ийе.


Семинар даўамында қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги