«Қәдири бар елде қаҳан ҳәр шайыр»

6

Мәмлекетимизде жас әўладтың китапқа болған қызығыўшылығын арттырыў, олардың руўхый дүньясын байытыў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген.

Бул бағдарда   Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2026-жыл 15-январьда қабыл етилген “Китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм халық арасында китап оқыўға қызығыўшылықты арттырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары   тийкарында билимлендириў орынларында көплеген илажлар шөлкемлестирилмекте.

Усындай илажлардың даўамы сыпатында, усы жылдың 17-февраль күни Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 19-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан халық шайыры Бахтияр Генжемуратов пенен «Қәдири бар елде қаҳан ҳәр шайыр» атамасында әдебий-сәўбетлесиў кешеси болып өтти.

Ушырасыў даўамында шайыр өзиниң дөретиўшилик жолы, дәслепки қосықларының жазылыў тарийхы ҳәм оқыўшылық дәўириндеги қызықлы ўақыялары ҳаққында айтып берип, оқыўшылардың қызықтырған сораўларына жуўап берди.

Илажда мектептиң талантлы оқыўшылары тәрепинен шайырдың «Мөде хан ҳәм Шын жипегиндеги битик» шығармасы тийкарында таярланған сахналық көриниси қойып берилип, бул жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды. Сондай-ақ, кеше даўамында оқыўшылар шайыр қосықларын көркемлеп оқып берди.

– Кешени өткериўден тийкарғы мақсет жаслар арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм миллий әдебиятымызға болған меҳирин оятыўдан ибарат, – дейди илаж шөлкемлестириўшилеринен бири Айгүл Қосназарова.

Өткерилген илаж соңында оқыўшылар халқымыздың сүйикли шайыры менен жақыннан сәўбетлесип, оннан руўхый азық алды.

Саодат Шамшетдинова,

Бердақ атындағы ҚМУдың Әмелий филология факультети оқытыўшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги