Вашингтонда AIEA глобаллық билимлендириў конференциясында Өзбекстан басламалары жоқары баҳаланды

Реформалар бәрқулла инсаният ушын хызмет ететуғыны қайта-қайта атап өтиледи. Бирақ әмелге асырылып атырған басламалар артындағы мийнетлер тән алынса, бул перспективалы келешекке болған исенимди және де арттырады. Сыр емес, елимизде билимлендириўди реформалаў жолында тынымсыз излениўлер ҳәм әмелий ҳәрекетлер алып барылмақта. Қуўанышлы тәрепи, мийнетлер бийкарға кетпей атыр.
Халықаралық билимлендириў ҳәкимлери ассоциациясының (AIEA) абырайлы жыллық конференциясы өз жумысын баслады.
АҚШтың Вашингтон қаласында болып өтип атырған бул абырайлы конференцияның салтанатлы ашылыў мәресиминде AIEA президенти, илим докторы ҳәм Гарвард университетиниң питкериўшиси Пауло Загало-Мело бағдарламалық шығып сөйлеўинде халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп, инновациялық билимлендириў экосистемаларын қәлиплестириўде AIEA платформасының орны әҳмийетли екенин айрықша атап өтти.

Қуўанышлы тәрепи сонда, шығып сөйлеў даўамында Өзбекстан Республикасына да айрықша итибар қаратылып, Пауло Загало-Мело мәмлекетимизде билимлендириў системасын трансформациялаўға қаратылған стратегиялық басламалар ҳәм оның дүнья академиялық жәмийетшилигине жедел интеграцияласыўын қоллап-қуўатлап, Өзбекстан билимлендириў мәкемелериниң халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.

Бул жоқары дәрежедеги тән алыў Өзбекстанда билимлендириў тараўын модернизациялаў бағдарында алып барылып атырған реформалардың халықаралық көлемде де тән алынып атырғанын және бир мәрте тастыйықлағанын атап өтиў керек.
Бул тән алыныў алдынғы сырт ел тәжирийбелерин тартыў ҳәм жаңа бирге ислесиў байланысларын буннан былай да раўажландырыў ушын әҳмийетли имканиятлар жарататуғынын атап өтиў керек.
Шербек Исломов, ӨзА