Нызам үстинлиги ҳәм коррупцияға маўасасыз мүнәсибет

Қараөзек районы Қорғаныў ислери бөлиминде Жынаят ислери бойынша Қараөзек районы судының тергеў судьясы Р.Матқурбанов тәрепинен «Коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды анықлаў, оны тоқтатыў ҳәм оған белгиленген жуўапкершилик» атамасында ушырасыў өткерилди.
Илажда мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири екени, бул бағдарда әмелге асырылып атырған ҳуқықый реформалардың әҳмийети ҳаққында қатнасыўшыларға кең түрде түсиндирилди.
Ушырасыўда коррупцияның ақыбети пүткил жәмийетке унамсыз тәсир көрсететуғыны, ол пуқаралардың мәмлекетке ҳәм нызамларға болған исенимин ҳәм экономикалық раўажланыўды төменлетип, буның нәтийжесинде социаллық теңсизликтиң күшейетуғынлығы атап өтилди. Сондай-ақ, бул жынаят ушын нызамда қатаң жуўапкершилик бар екенлиги принципине тоқталып, бул коррупцияға қарсы гүресиўде шешиўши әҳмийетке ийе екени көрсетип өтилди.
Илаж соңында тергеў судьясы Р.Матқурбанов қатнасыўшылар менен ашық сәўбетлесиў өткерип, оларды қызықтырған сораўларға жуўап берди.


Әлбетте, республикамыз аймақларында бундай ушырасыўлардың өткерилиўи жәмийетте коррупцияға қарсы маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў, ҳуқықый мәдениятты арттырыў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы