Ерназар «Үлкен дуўылға» турниринде беллеседи

14

27-февраль – 1-март күнлери Ташкент қаласында дзюдо бойынша «Үлкен дуўылға» дүркинине кириўши халықаралық турнир болып өтеди.

Жарысқа дүнья жүзиниң көплеген мәмлекетлеринен күшли палўанлар қатнасыўы күтилмекте. Турнирде Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 7 салмақ категориясы бойынша қатнасады. Ҳәзирги ўақытта сайланды командамыз палўанлары жарысқа пуқта таярлықлар көрмекте.

Республикамыз спорт жанкүйерлери ушын мағлыўмат сыпатында айтатуғын болсақ, бул жарыста мәмлекетимиз сайланды командасы қурамында -100 кг салмақта Ерназар Сарсенбаев та қатнасып, жеңимпазлық ушын гүреске түседи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы