210 мыңнан аслам ҳаял-қызлардың жумысқа жайласыўына жәрдемлесиледи

Шолыў
“Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы” Мәмлекетлик бағдарламасында бир қатар бағдарларда әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди. Соның ишинде, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў, социаллық, экономикалық, сиясий белсендилигин арттырыў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў бағдарында да бир қатар мақсет-ўазыйпалар өз көринисин тапқан.
Атап айтқанда, ҳаял-қызларды мийнет базарында бәсекиге шыдамлы кәсип-өнер түрлерине оқытыў арқалы бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиў ҳәм олар арасында исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде 124 мың 254 ҳаял-қызды кәсип-өнерге оқытыў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, 210 мың 242 ҳаял-қызға жумысқа жайласыўына жәрдемлесиў, 43 мың 620 ҳаял-қызды исбилерменликке оқытыў илажларын көриў режелестирилген.

Онда жумыссыз ҳәм дәрамат табыўды қәлеўши ҳаял-қызлар қысқа мүддетли оқыў курсларына тартылады, жумыс ислеўди қәлеўши ҳаял-қызлар ушын бос жумыс орынлары мийнет ярмаркалары шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, мәлимлеме технологиялары тараўында 100 мың ҳаял-қыздың саўатлылығын арттырыў мақсети нәзерде тутылған. Бул болса ҳаял-қызларымыздың барған сайын раўажланып атырған мәлимлеме технологиялары тараўында билим ҳәм маманлығын арттырыў арқалы жаңа дәрамат табыў имканиятларын кеңейтеди.
Буннан тысқары, 1 мың 91 мәҳәлледе жеке меншик секторды тартқан ҳалда ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм саламатлығын беккемлеў орайларын шөлкемлестириў мақсети өз көринисин тапқан.
Бул бағдардағы ўазыйпалар елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы ҳәрекетлерди избе-из даўам еттириў, нәтийжеде, олардың жумыслы ҳәм дәраматлы болыўына хызмет етеди. Исбилерменлик жумысын жолға қойыў арқалы болса өзи сыяқлы және бир неше ҳаял-қызлардың бәнтлигине жәрдемлесиў имканияты пайда болады.
Муҳтарама Комилова, ӨзАның хабаршысы