Жоқарғы судта жаңа судьялар ант қабыллады

Жоқарғы суд пленумының гезексиз мәжилисинде айырым жынаят ислери бойынша қалалық ҳәм районлық судларға биринши мәрте судьялық лаўазымына тайынланған судьялардың ант бериў мәресими өткерилди.
Мәжилисте Судьялар жоқары кеңесиниң 2026-жыл 17-февральдағы қарарына муўапық судьялық лаўазымда болыўдың биринши бес жыллық мүддетине тайынланған Юнусали Жаҳонгиров, Рўзи Назаров, Мусурмон Эшқувватов, Шуҳрат Ражабов ҳәм Наим Набиевтиң анты тыңланды.

Жоқарғы суд баслығы Бахтиёр Исломов жаңадан тайынланған судьяларға пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик мәплерди, юридикалық шахслар және жеке тәртиптеги исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаўдан ибарат жумысында қабыл еткен антына садық болыў зәрүрлигин атап өтти.
Илажда қатнасқан судьялардың жақынлары оларға жақсы тилеклерин билдирди.
Ант қабыл еткен 5 жаңа судьяға судьялық гүўалықлары менен бирге “Судьялар этикасы кодекси” тапсырылды.
***
Судьялар жоқары кеңесиниң гезектеги қарарлары менен болса 7 судья судьялық лаўазымында болыўдың гезектеги он жыллық дәўирине, 12 судья ўәкиллик мүддети дәўирине басқа лаўазымларға тайынланды. Соның менен бирге, жазба арзасына бола 7 судья лаўазымынан босатылды.
Н.Абдураимова, ӨзА