“ӨзТест” жумысы сапластырылды: Техникалық тәртипке салыў системасында структуралық өзгерислер

20

Өзбекстанда техникалық жақтан тәртипке салыў ҳәм сапа инфраструктурасын жетилистириўге қаратылған реформалар избе-из даўам етпекте.

2026-жыл 16-февраль күни қабыл етилген Президентимиздиң “Техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы реформаларды алдынғы халықаралық әмелият тийкарында жеделлестириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманында тараўды алдынғы халықаралық әмелият тийкарында түп-тийкарынан модернизациялаўдың тийкарғы ўазыйпалары белгилеп берилди.

Бул ҳүжжетте миллий сапа системасын халықаралық стандартлар дәрежесине алып шығыў, аккредитациялаў ҳәм муўапықлықты баҳалаў процесслерин ашық-айдын ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў, сондай-ақ, мәмлекеттиң глобаллық рейтинглердеги орнын жақсылаў мақсет етилген.

Ҳүжжетке бола, мәмлекетте миллий сапа инфраструктурасын раўажландырыў тийкарғы ўазыйпалардан бири етип белгиленген.

Пәрманда 2026-жыл ушын бир қатар анық мақсетли көрсеткишлер нәзерде тутылған. Соның ишинде, Турақлы раўажланыў ушын сапа инфраструктурасы индексинде Өзбекстанның орнын кеминде 20 текшеге жақсылаў режелестирилмекте.

Сондай-ақ, Халықаралық тәрези ҳәм өлшемлер бюросы тәрепинен тән алынған калибрлеў имканиятларының санын 2,5 есеге арттырыў ҳәм халықаралық дәрежеде тән алынған аккредитация хызметлериниң үлесин кеминде 80 процентке жеткериў нәзерде тутылған.

Шөлкемлестириўшилик өзгерислер де әмелге асырылады.

Атап айтқанда, Өзбекстан аккредитация орайы Министрлер Кабинетиниң бойсыныўына өткериледи. Буннан тысқары, Өзбекстан илимий-сынақ ҳәм сапа қадағалаў орайының жумысы сапластырылып, оның қурамындағы муўапықлықты баҳалаў уйымлары бийкар етиледи.

Соның менен бирге, Өзбекстан стандартлар институты усы орайды өз қурамына қосып алыў арқалы қайта шөлкемлестириледи.

Ҳамроз Баянов, ӨзА