Өзбекстанда кредит процентлери не ушын жоқары? (+видео)

Бүгин Өзбекстанда кредитсиз инсанды табыў дерлик имкансыз. Автомобиль керек пе – кредит бар. Пул жетиспей атырса – кредит. Телефон ямаса турмыслық техника сатып алмақшысыз ба – мүддетли төлем хызметинизде. Қысқасы, кредит бүгин таңлаў емес, ал көпшилик ушын мәжбүрий зәрүрликке айланды.
Орайлық банктиң мағлыўматларына бола, 2025-жылы халықтың банклер алдындағы жәми қарызы дерлик 595 триллион сумды қураған. Бирақ тийкарғы машқала қарыз көлеминде емес, ал кредит процентлериниң жоқарылығында.
Ҳәзирги ўақытта коммерциялық банклерде кредитлер бойынша орташа процент ставкасы 23-24 процент әтирапында. Айырым банклерде бул көрсеткиш 49 процентке шекем, кредит карталары бойынша болса 74,9 процентке шекем жетиўи мүмкин.
Не ушын Өзбекстанда кредит процентлери жоқары? Бул сораўға жуўап табыў ушын Банк-финанс академиясының аға оқытыўшысы, экономист-эксперт Ҳамид Раҳматов пенен сәўбетлестик.
— Неге Өзбекстанда кредит процентиниң ставкалары жоқары?
— The Global Economy тәрепинен топланған статистика тийкарында Өзбекстан 83 мәмлекет арасында кредит процентлери жоқарылығы бойынша дүньяда 7-орында, Азияда болса 1-орында турады.
Орайлық банк мағлыўматларына бола, 2024-жылдың дәслепки 9 айында коммерциялық банклер тәрепинен физикалық тәреплерге берилген кредитлер бойынша орташа процент ставкасы 24,5 процентти қураған. Бул көрсеткишке жеңиллетилген ҳәм микрокредитлер киргизилмеген.
Ҳәзирги ўақытта халық ең көп пайдаланатуғын микрокредитлер бойынша процент ставкалары және де жоқары. Мәмлекетлик банклерде бундай кредитлер орташа 30-35 процент, онлайн кредит бериўши санлы банклерде болса 49 процентке шекем жетиўи мүмкин. Әмелде көплеген кредитлер 40-49 процент аралығында берилип атыр.
Кредитлердиң қымбатлығы бир қатар фундаментал экономикалық, сиясий ҳәм ҳуқықый факторлар менен байланыслы:
Жоқары инфляция – банклер келешекте пулдың қәдирсизлениў қәўпин есапқа алып, процент ставкаларын асырады.
Қымбат финанслық ресурслар – Өзбекстанның халықаралық кредит рейтинги салыстырмалы төмен болғаны себепли банклер сыртқы қаржыларды жоқары процентлердиң есабынан тартады. Бул болса кредитлердиң баҳасына тиккелей тәсир етеди.
Жоқары риск дәрежеси – кредит төлемлериниң кешигиўи, халықтың реал төлеў қәбилети ҳаққында толық мәлимлеме жоқ екенлиги банклер ушын қәўипти арттырады ҳәм бул процент ставкаларында сәўлеленеди.
Усы машқалалар шешилмесе, кредитлер арзанлаўы қыйын. Буның ушын инфляцияны төменлетиў, банк системасында бәсекини күшейтиў ҳәм халықтың финанслық саўатлылығын арттырыў үлкен әҳмийетке ийе.
– Сизиң кредитке мүнәсибетиңиз қандай?
– Мен кредитке абайлы ҳәм сын көзқарастан қатнас жасайман. Әмелде мен кредит хызметлеринен пайдаланбайман ҳәм қарыз миннетлемелерин өз мойныма алмаўды абзал көремен. Бул қарар қаржы имканиятының жоқлығы менен емес, ал кредитлеў әмелиятының унамсыз ақыбетлерин саналы таллаў нәтийжесинде қәлиплескен.
Бәринен бурын, жоқары процент ставкалары қарыз алыўшы ушын узақ мүддетли финанслық жүк пайда етеди. Процент төлемлери реал дәраматтың салмақлы бөлегин ийелеп, қор қәлиплестириў имканиятларын шеклейди ҳәм финанслық турақлылыққа унамсыз тәсир көрсетеди.
Екиншиден, белгисиз экономикалық шараятларда кредит миннетлемелери үлкен қәўип-қәтерлерди келтирип шығарады. Дәраматтың турақлы емеслиги ямаса инфляцияның жоқарылығы қарызларды өз ўақтында қайтарыў имканиятын төменлетеди ҳәм қарыз жүгиниң артып барыўына алып келеди.
Үшиншиден, кредитке артықша сүйениў тутыныў мәдениятының теңсиз қәлиплесиўине себеп болады. Қарыз есабынан исленген тутыныў реал қун жаратпастан, келешектеги дәраматларды алдыннан сарплаўды аңлатады.
Соның ушын мен финанслық жумыста тийкарынан өз қаржыларым есабынан ҳәрекет етиўди, дәрамат ҳәм қәрежет арасындағы тең салмақлылықты сақлаўды және топлаў ҳәм инвестицияға тийкарланған қатнасты ең мақул стратегия деп билемен.
— Кредит пүткил дүньяда кең қолланылады. Шет ел тәжирийбесинен нелерди үйрениў мүмкин?
Кредит қатнасықлары жәҳән экономикасының ажыралмас бөлеги есапланады. Бирақ кредит ажыратыў шәртлери мәмлекеттен мәмлекетке сезилерли дәрежеде парық қылады. Халықаралық тәжирийбе соны көрсетеди, кредит системасын халық ушын қолайлы етиўде институционаллық, ҳуқықый ҳәм технологиялық факторлар шешиўши әҳмийетке ийе.
Раўажланған мәмлекетлерде қарыз алыўшының төлеў қәбилети ашық кредит скоринг системалары арқалы баҳаланады. АҚШ ҳәм Европа мәмлекетлеринде бул система банк ҳәм қарыйдар ушын бирдей түсиникли болып, субъектив қарарларды азайтады. Өзбекстан ушын да кредит-скорингти жетилистириў ҳәм оның ислеў принциплери халыққа ашық түрде түсиндириў әҳмийетли.
Сондай-ақ, төмен инфляция ҳәм саламат бәсеки орталығы процент ставкаларын төменлетиўде тийкарғы фактор есапланады. Раўажланған мәмлекетлерде макроэкономикалық турақлылық кредит ресурсларын арзанластырыўға хызмет етеди. Өзбекстан ушын бул бағдарда инфляцияны избе-из азайтыў ҳәм банклер арасында бәсекини күшейтиў әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта.
Соның менен бирге, раўажланған мәмлекетлерде қарыз алыўшылардың ҳуқықый қорғалыўын күшейтиўге айрықша итибар қаратылады. Мәселен, Европа Аўқамында “Тутыныўшы кредити ҳаққында”ғы директиваларға муўапық, кредит алыўшыға барлық төлемлер, жасырын комиссиялар ҳәм ҳақыйқый процент ставкасы (APR) толық ҳәм ашық түрде усынылыўы шәрт. Өзбекстанда да кредит шәртнамаларын тил ҳәм мазмун жағынан халық ушын және де әпиўайы ҳәм түсиникли етиў әҳмийетли ўазыйпа есапланады.
Халықаралық әмелиятта санлы банкинг ҳәм финтех шешимлериниң енгизилиўи кредитке кириў имканиятларын сезилерли дәрежеде кеңейтти. Қубла Корея, Сингапур ҳәм Эстония сыяқлы мәмлекетлерде онлайн идентификация, электрон шәртнамалар ҳәм аралықтан кредит ажыратыў системалары арқалы ўақыт ҳәм қәрежетлер қысқартылған. Өзбекстан ушын да кредит процесслерин санластырыў ҳәм бюрократиялық тосқынлықларды азайтыў айрықша әҳмийетке ийе.
Айырым мәмлекетлерде ислам финанслық инструментлеринен пайдаланыў халықтың финанслық хызметлерге болған исенимин арттырыўға хызмет етпекте. Малайзия, Индонезия ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери тәжирийбеси процентке тийкарланбаған қаржыландырыў түрлери – мурабаҳа, ижара ҳәм мушараканың халық ушын салыстырмалы түрде мақул екенин көрсетеди. Өзбекстан шараятында да ислам финанс институтларын раўажландырыў кредит хызметлерин диверсификациялаў имканиятын береди.
Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстанда кредит системасын халық ушын және де қолайлы етиўде сырт ел тәжирийбесинен төмендеги бағдарларда пайдаланыў мүмкин: ашық-айдын кредит баҳалаў системаларын енгизиў, инфляцияны төменлетиўге қаратылған турақлы макроэкономикалық сиясат алып барыў, тутыныўшылардың ҳуқықларын нәтийжели қорғаў, санлы банкингти раўажландырыў ҳәм ислам финанс инструментлерин енгизиў. Бул илажлар кредит хызметлериниң турақлы ҳәм социаллық жақтан жуўапкершиликли болыўын тәмийинлейди.
– Өзбекстан кредит базарындағы ҳәзирги жағдай ҳәм кредит сиясатын қалай баҳалайсыз?
– Өзбекстанда тутыныў кредитлери базарының соңғы жылларда жедел пәтлерде кеңейип атырғаны қаржы системасындағы әҳмийетли тенденцияға айланды. Рәсмий мағлыўматларға бола, 2023-жылы халыққа ажыратылған тутыныў кредитлериниң көлеми 40,14 триллион сумды қураған болса, 2024-жылы бул көрсеткиш 18,54 триллион сум дәрежесинде атап өтилди. Бул кредит базарында белсендилик жоқары екенин, соның менен бирге тәртипке салыў ҳәм сақлық сиясаты күшейтилгенин көрсетеди.
Әмелде айлық алып ислейтуғын халықтың үлкен бөлеги кредит миннетлемелерине ийе. Банклер ушын мийнет ҳақы карта арқалы алынатуғын қарыйдарлар ең тартымлы сегмент есапланады, себеби айлық төлемлерди автоматикалық услап қалыў механизми қарыз қайтып келмеў қәўпин азайтады. Соның ушын тутыныў кредитлериниң тийкарғы бөлеги мине усы категорияға туўра келмекте.
Бирақ бул процессти тек унамлы баҳалаў дурыс емес. Бириншиден, тутыныў кредитлериниң өсими халықтың реал дәраматларының өсиминен үстин болса, артықша қарызланыў қәўипи жүзеге келеди. Дәраматтың үлкен бөлеги кредит төлемлерине қаратылыўы финанслық еркинликти шеклеп, улыўма турақлылыққа унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.
Екиншиден, кредит базарында процент ставкалары еле де жоқары дәрежеде сақланып қалмақта. Нәтийжеде тутыныў кредитлери қысқа мүддетте турмыс дәрежесин қоллап-қуўатлайтуғындай көринсе де, узақ мүддетте “келешектеги дәраматларды алдыннан жумсаў” механизмине айланып қалыў қәўипин күшейтеди.
Үшиншиден, әмелдеги кредит сиясаты тийкарынан тутыныўды хошаметлеўге қаратылған болып, инвестиция ҳәм өндиристи қаржыландырыў екинши дәрежеде қалмақта. Халықаралық тәжирийбе соны көрсетеди, тутыныў кредитлери үлесиниң ҳәдден тыс артыўы экономикалық өсиўди реал қун жаратыў емес, ал жасалма талап есабынан тәмийинлейди.
Усы көзқарастан, Өзбекстандағы ҳәзирги кредит сиясатын абайлы, бирақ қайта теңсалмақлылықты талап ететуғын деп баҳалаў мүмкин. Кредитлеўди және де жуўапкершиликли етиў, қарыз жүгин баҳалаў механизмлерин күшейтиў, финанслық саўатлылықты арттырыў ҳәм кредитлерди реал дәраматлардың өсиўи менен үйлестириў зәрүр.
Ашшы болса да, тән алыў керек: кредит ажыратыўда кепил талап етилиўи банк ҳәм қарыйдар арасында толық институционаллық исеним қәлиплеспегенин көрсетеди. Заманагөй шараятта болса пуқараның санлы “финанслық паспорты” тийкарында төлеў қәбилетин баҳалаў имканияты бар. Бундай система пуқараның дәраматлары, кредит тарийхы, салық ҳәм коммуналлық төлемлер тәртиби сыяқлы мағлыўматларды қамтып алады ҳәм кепилсиз, объектив баҳалаў имканиятын береди.
Раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси соны көрсетеди, санлы баҳалаў системалары раўажланған сайын кепил институты әсте-ақырын өз әҳмийетин жоғалтпақта. Өзбекстан шараятында да мәмлекетлик уйымлар ҳәм финанс институтлары арасында мағлыўматлар интеграциясы тәмийинленсе, бундай қатнасты енгизиў мүмкин. Бул банклер ушын қәўип-қәтерлерди анық басқарыў, пуқаралар ушын болса кредитке кириўди әпиўайыластырыў ҳәм финанслық қәдир-қымбатты сақлаў имканиятын береди.
– Дүнья мәмлекетлеринде кредит процентлери қанша?
– 2024-25-жылларда кредитлер бойынша орташа процент ставкалары төмендегише еди: Швейцария – 2,86 процент, Израиль – 2,96 процент, АҚШ – 3,28 процентти қурамақта.
Trading Economics мағлыўматларына бола, Перу дүньядағы ең арзан кредитлерди тек 0,8 процент пенен усынады. Японияда бул ставка 1,7 процент, Данияда болса 3,25 процентти қурайды. Салыстырыў ушын, Перуда қарыз алыў Өзбекстанға қарағанда 30 есе арзан.
Шаҳноза Маматуропова,
Дониёр ЁҚУБОВ (видео), ӨзА