Тәбийғый газден дурыс пайдаланыў – өмир қәўипсизлигиниң гиреўи

Ҳәзирги күни “Ҳудудгаз Қорақалпоғистон” газ тәмийнаты филиалы, қала ҳәм районлық бөлимлери хызметкерлериниң барлық дыққат итибары гүзги-қысқы мәўсимде артықша шығынларсыз өткериўге қаратылған.
Бунда жеке хожалықлар, көп қабатлы үйлер, социаллық әҳмийетке ийе объектлер ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары менен биргеликте жумыс алып барыўға әҳмийет қаратылған. Үгит-нәсият жумыслары ўақтында тәбийғый газден дурыс пайдаланыў, жасалма жылытыў үскенелери ҳәм резина шлангалардан пайдаланыўдың аўыр ақыбетлери ҳаққында түсиндириў жумыслары алып барылмақта. Бунда тараў қәнигелери тутыныўшыларға газден нызамсыз пайдаланбаў, ысытыў қазанханалары ҳәм басқа да үскенелерди техникалық тексериўден өткериў зәрүрлиги атап өтилмекте.
Жылытыў мәўсиминде қазанханалар ҳәм газ үскенелериниң қәўипсиз ислеўи ушын үйлеримиздеги қазанхана морылары ҳәм самаллатыў системасын және бир мәрте көзден өткериў лазым, -дейди «Ҳудудгаз Қорақалпоғистон» газ тәмийнаты филиалының бөлим баслығы Әжинияз Аманбаев. – Газ қубырлары жарылып оннан зәҳәрли газ ийиси шыққанда, жасаў жайымыз түтинге толғанда саз ҳалаттағы самаллатыў системасы қәўипли ҳәм зыянлы затларды сыртқа шығарып инсан өмирин сақлап қалыўға себеп болады. Сонлықтанда жылытыў системасын өз ўақтында тексериў ҳәм техникалық тексериў өткериў жүдә әҳмийетли болып есапланады.



Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы