АҚШ – Иран: Сөйлесиўлердиң екинши басқышы бүгин болып өтеди

9

Швейцарияның Женева қаласында АҚШ ҳәм Иран арасындағы ядролық сөйлесиўдиң екинши басқышы бүгинге белгиленген. Жағдайдан хабардар үш дерек Американың “Axios”  мәлимлеме платформасына берген интервьюинде делегациялардың тиккелей емес сөйлесиўиниң екинши басқышы “17-февраль, сийшемби күни Женевада өткерилиўи режелестирилгени” ҳаққында хабар берген.

Америка делегациясы қурамында Президент Дональд Трамптың Жақын Шығыс бойынша арнаўлы ўәкили Стив Уиткофф ҳәм оның күйеў баласы Жаред Кушнер киреди.

Иран делегациясына сыртқы ислер министри Аббос Арагчий басшылық етиўи күтилмекте. Оман сыртқы ислер министри Бадир бин Ҳамад Ал-Бусаидий дәлдалшы ўазыйпасын атқарады.

Сөйлесиўлердиң биринши басқышының жуўмағы бойынша АҚШ ҳәм Иранның өз-ара билдириўлери жәрияланған.

Мағлыўматларға қарағанда, Уиткофф өткен ҳәптениң басында Оман СИМ басшысы менен телефон арқалы сөйлескен ҳәм Вашингтонның ядролық сөйлесиўге байланыслы билдириўинен хабардар еткен. Бусаидий мағлыўматты Маскатқа келген Иран Жоқары Миллий қәўипсизлик кеңеси Бас хаткери Али Ларижонийге жеткерген.

Иран мәмлекетлик телевидениесине берген интервьюинде Ларижоний АҚШтан сөйлесиў бойынша хабар алғанын тастыйықлады. Ғалаба хабар қуралларының хабар бериўинше, ол Маскатқа сапары ўақтында Бусаидийге Тегеран ҳүкиметиниң мүнәсибетин жеткерген.

Келисимге ерисиў ушын сөйлесиўлер даўам етип атырғанын билдирген Трамп былай деди:

– Егер келисимге ерисе алмасақ, екинши басқышқа өтемиз. Кейинги процесс иранлылар ушын жүдә қыйын өтеди. Мен буны қәлемеймен.

Еслетип өтемиз, 2025-жыл июнь айында Израиль ҳәм АҚШтың Иранға ҳүжими артынан тоқтап қалған ядро бағдарламасы бойынша ушырасыўлар 6-февраль күни Оманда даўам еттирилди.

Ислам Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң баспасөз хаткери Исмоил Бекаий төмендегше  пикир билдирди:

– Маскаттағы ушырасыў ҳәр еки тәреп сөйлесиўди даўам еттириўге таяр екени ҳаққындағы келисим менен жуўмақланды.

Бул ретки сөйлесиў Тегеран ҳәм Вашингтон қарама-қарсылығы жүдә күшейген, АҚШ региондағы әскерий қатнасын күшейтип атырған бир ўақытқа туўра келген.

Гўзал Сатторова, ӨзА