Фейк хабарлар: оларды қалай анықлаў мүмкин?

16

Бүгинги күнде мәлимлеме технологияларының жедел раўажланыўы нәтийжесинде хабарлар тезлик пенен тарқалмақта. Интернет сайтлары, социаллық тармақлар ҳәм мессенджерлер арқалы тарқалып атырған мағлыўматлар арасында исенимлилери менен бирге жалған, тексерилмеген хабарлар да көбейип бармақта. Бундай хабарлар фейк хабарлар деп аталады. Фейк хабарлар жәмийеттиң пикирин шалғытыўы, адамлар арасында қорқыныш оятыўы ҳәм надурыс қарарлар қабыл етиўине себеп болады.

Фейк хабарлар не ушын жаратылады?

Фейк хабарлардың пайда болыўына бир неше себеплер бар. Гейде олар сиясий мақсетлерде, жәмийетлик пикирге тәсир өткериў ушин жаратылады. Айырым жағдайларда болса белгилилик, көбирек көриўлер (лайк ҳәм репостлар), белгили бир шахс ҳәм шөлкемниң абырайына зыян жеткериў ямаса финанслық пайда алыў мақсетинде тарқатылады. Сондай-ақ, айырым фейк хабарлар адамлардың сезимлерине тәсир етиў – қорқыў, ашыў ямаса аяныш оятыў ушын да жаратылады.

Фейк хабарлардан қалай қорғаныў мүмкин?

Фейк хабарларға алданбаў ушын әпиўайы, бирақ нәтийжели қағыйдаларға әмел етиў әҳмиетли. Дәслеп, хабар дерегине итибар бериў керек, яғный ол қайсы сайт ямаса канал тәрепинен тарқатылғанын тексериў керек. Рәсмий ғалаба хабар қураллары ямаса мәлимлеме агентликлеринде усы мағлыўмат бар ямаса жоқ екенлигин салыстырып көриў сондай-ақ, хабарды бир неше исенимли дерек арқалы тексериў үлкен әҳмийетке ийе, себеби ҳақыйқый мәлимлеме әдетте ҳәр қыйлы дереклерде ушырасады. Буннан тысқары, хабар сәнеси ҳәм оның контекстине де итибар қаратыў зәрүр, себеби айырым жағдайларда ески мағлыўматлар қайта тарқатылып, ҳәзирги ўақыя сыпатында усынылады. Сүўрет ҳәм видеоларға болса сын көзқарастан қатнас жасаў керек, себеби олар жасалма интеллект жәрдеминде редакторланған ямаса басқа ўақыяларға байланыслы болыўы мүмкин. Ең әҳмийетлиси, ҳәр қандай хабарды дәрҳал тарқатыўға асықпаў, оның исенимлилигине толық исениў талап етиледи.

Жуўмақлап айтқанда, фейк хабарлар заманагөй мәлимлеме мәканының әҳмийетли машқалаларынан бири болып есапланады. Оларға қарсы гүресиўдиң ең нәтийжели жолы – медиа саўатлылықты арттырыў, сын көзқарастан пикирлеў ҳәм тексерилип көрилмеген мағлыўматларды тарқатпаў болып есапланады. Ҳәр бир инсан ҳақыйқатты жалғаннан ажырата алған ўақытта ғана саламат мәлимлеме орталығын жаратыў мүмкин.

Шоира Хайтбаева,

Бердақ атындағы ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги