Балаларға шай бериўге болмайды

Шай бизиң ең сүйикли ишимликлеримиздиң бири. Бирақ кишкене балалар, әсиресе, 3 жасқа шекемгилер ушын әпиўайы қара ямаса көк шай бериў баланың денсаўлығы ушын қәўип болыўы мүмкин. Бул тек ғана Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги емес, ал халықаралық педиатрия шөлкемлери (соның ишинде, Америка педиатрия академиясы – АПА) тәрепинен тастыйықланған илимий усынысларға тийкарланады.
Себеби шай қурамындағы танинлер (полифеноллар) азық-аўқаттағы темир менен байланысып, оның ишекте сорылыўын 50-90% ке шекем кемейттиреди ҳәм темир жетиспеўшилиги яғный кем қанлықты келтирип шығарады.
Балаларда темир жетиспеўшилиги анемиясы ең кең тарқалған машқала – бул өсиў, ақылый раўажланыў ҳәм иммунитетке унамсыз тәсир етеди.
Мәселен, изертлеўлерде аўқат пенен бирге шай ишилгенде темир сиңирилиўи кескин азаятуғыны дәлилленген.
Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги усынысында да: “Балаға шай бериў мақсетке муўапық емес, себеби ол темир элементиниң сорылыўын азайтады” деп келтириледи.
Шай қурамындағы кофеин баланың нерв системасына зиян жеткереди. Нәтийжеде балада тез шаршаў, ынжықлық, уйқының бузылыўы бақланыўы мүмкин.
Әпиўайи бир стакан (200 мл) қара шайда шама менен 40-70 мг кофеин болады.
12 жасқа шекем балаларға улыўма кофеинли ишимликлер (шай, кофе, энергетик ишимликлер) усыныс етилмейди. 3 жасқа шекем болса пүткиллей шекленеди.
Себеби: кофеин уйқыны бузады, нерв системасына кери тәсир көрсетеди, жүрек урыўын тезлестиреди, тез-тезден бас аўырыўында келтирип шығарыўы мүмкин. Әсиресе балалар кофеинге үлкенлерге қарағанда бирқанша сезгир болады.
3 жасқа шекемги балаларда асқазан ширеси ҳәм ферментлер жетерли емес. Шайдағы затлар асқазан силекей қабатын тынышсызландырыўы, газ, иш қатыўы ямаса иш өтиўине алып келиўи мүмкин.
Сол себепли де қәнигелердиң 3 жасқа шекемги балаларға улыўма шай бериўди усыныс етпейди. Оның орнына қайнатылған суў, әпиўайы сүт ямаса мийўе шербети ҳәм әлбетте ана сүти бериледи.
Шай бериўди қашан ҳәм қалай баслаў мүмкин?
3 жастан кейин – аз муғдарда, жүдә күшсиз демленген, аўқаттан 1 саат алдын ямаса кейин, қумшекерсиз.
Дәслеп педиатр менен мәсләҳәтлесиң – егер темир жетиспеўшилиги ямаса басқа машқала болса, узағырақ шеклеў керек болады.
Альтернативалар: әпиўайы суў, мийўели компот (қантсыз), ромашка ямаса мята демлемеси (тек шыпакер руқсаты менен ҳәм аз муғдарда).
3 жасқа шекемги балаларға әпиўайы шай бериў – бул әпиўайы нәрседей сезилиўи мүмкин бирақ үлкен қәўип. Темир жетиспеўшилиги ҳәм нерв системасына тәсири узақ мүддетли машқалаларға алып келиўи мүмкин. Сол себепли 3 жасқа шекем балалардың ратионына жуўапкершилик пенен қараған мақул.
Бийбисанем Жолдасбаева,
Бердақ атындағы ҚМУ дың 2-курс магистранты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги