Тынышлық кеңеси деген не?

48

Бизге белгили, усы күнлерде Қурама Штатлардың Вашингтон қаласында Тынышлық кеңесиниң дәслепки мәжилисиниӊ өткерилиўи режелестирилген болып, онда мәмлекетимиз басшысының да қатнасыўы күтилмекте.

Атап өтилиўинше, бул жыйын АҚШ Тынышлық институтында болып өтеди ҳәм Газа секторын тиклеў, оған гуманитарлық жәрдем көрсетиў, бул регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мәселелерине бағышланады.

Тынышлық кеңесиниӊ мақсети

Тынышлық кеңеси АҚШ президенти Дональд Трамптыӊ басламасы менен 2025-жылдың сентябрь айында ислеп шығылған Газадағы келиспеўшиликлерди тоқтатыў ҳәм оның кейинги тиклениўи бойынша кең көлемли режесине тийкарланған. Өткен жылы 17-ноябрь күни БМШ Қәўипсизлик Кеңеси бул режени қоллап-қуўатлады ҳәм тийисли резолюция қабыл етилди. Тынышлық кеңесиниң Режеси 2026-жыл 22-январь күни Давостағы Жәҳән экономикалық форумы шеңберинде структураға ағза мәмлекетлердиң басшылары тәрепинен рәсмий түрде қол қойылды.

Жаңа шөлкемниң юридикалық статусы классикалық халықаралық шөлкемлер сыяқлы басқарыўшы ҳуқықый корпусқа ийе болыўы белгиленген. Бул кеңестиң мақсети қураллы соқлығысыўлардан жәбирленген регионларда тынышлықты тәмийинлеў, турақлы тынышлықты орнатыў ҳәм басқарыўды нәтийжели тиклеў ушын зәрүр шараятлар жаратыў болып есапланады.

Структураға қайсы мәмлекетлер ағза?


Атап өтилгениндей, Кеңестиң Режесине оған ағза 19 мәмлекет басшылары қол қойды. Олардың арасында АҚШ, Әзербайжан, Армения, Бахрейн, Болгария, Венгрия, Индонезия, Иордания, Қазақстан, Қатар, Саудия Арабстаны, Түркия, Мавритания ҳәм басқа да мәмлекетлер бар. Президентимиз Шавкат Мирзиёев та бул илажда тиккелей қатнасты ҳәм Өзбекстанды шөлкемниң тийкарын салыўшылардан бири сыпатында таныстырды.

Соның менен бирге, белгили мәмлекетлер, соның ишинде, Франция, Германия, Швеция, Норвегия сыяқлы үлкелер өзиниң дипломатиялық статусы ҳәм халықаралық ҳуқықый институтлар менен қатнасықларын есапқа алып, ҳәзирги басқышта Тынышлық кеңесине рәсмий қосылмаған.

Итибарлы тәрепи, күни кеше Италия бас министриниң орынбасары, сыртқы ислер министри Антониу Таяни өз мәмлекетиниң кеңесте бақлаўшы сыпатында қатнасыўын Жақын Шығысты турақлыластырыўға қаратылған исенимли қәдем сыпатында баҳалады. Министр Италия Газаны қайта тиклеў процесинен шетте қалмаўы керек екенин атап өтип, бул әмелият ҳүкиметтиң регионда тынышлықты беккемлеўге қаратылған сиясатының даўамы екенин айтқан.

Өзбекстан қатнасыўының әҳмийети

Өзбекстанның бул басламада қатнасыўы мәмлекет сыртқы сиясатының халықаралық тиклениў, турақлылық ҳәм глобаллық бирге ислесиў бағдарындағы белсене қатнасыўын тастыйықлайды. Мәмлекетимиз басшысының Давоста Режеге қол қойыўы үлкемиздиӊ регионлараралық тынышлық ҳәм турақлылық процесслерине қосып атырған тәсирин көрсетти. Өзбекстанның қатнасыўының әҳмийетли тәрепи, дипломатиялық сөйлесиўди кеңейтиў, халықаралық механизмлер арқалы регионаллық сиясатты муўапықластырыў ҳәм өзиниң дипломатиялық потенциалын жәҳән аренасында еле де көрсетиў болып есапланады.

Исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Президентимиздиң Американың жетекши компаниялары ҳәм финанс институтларының басшылары қатнасыўындағы стратегиялық жойбарларды таныстырыў ҳәм экономикалық тараўға байланыслы еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресиминде қатнасыўы да нәзерде тутылған.

Кейинги басқышларда шөлкемниң әмелий жумысы келиспеўшиликлерден жәбир көрген регионларда тынышлықты тәмийинлеў, реконструкция жойбарларын муўапықластырыў, басқарыў системасын жаратыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў сыяқлы бағдарларда көринетуғыны күтилмекте.

Экспертлердиң пикиринше, Өзбекстанның бул басламада белсене қатнасыўы регионда тынышлық, турақлылық ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған сыртқы сиясат бағдарының даўамлы бөлеги сыпатында баҳаланбақта.

Дилшод ҲАКИМОВ,

ӨзАның хабаршысы