Глобаллық азық-аўқат баҳасы түспекте

БМШ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ҒАО) тәрепинен бүгин жәрияланған мағлыўматқа бола, глобаллық дәрежедеги азық-аўқат баҳасы январь айында және төменлеген. Бундай жағдай избе-из бес айдан берли бақланып атырғанын атап өтиў керек. Есабатта айтылыўынша, тийкарынан сүт өнимлери, қумшекер ҳәм гөш саўдасында өзгерис анық сезилмекте.
Атап өтилиўинше, орташа баҳа декабрь айына салыстырғанда 0,4 процент, өткен жылға салыстырғанда 0,6 процент төменлеген.
Бийдай ҳәм мәкке бираз арзанласқанына қарамастан, дән 0,2 процент қымбатлайды. Ири бийдай резерви Россия ҳәм АҚШта қысқы егинлер ушын жүзеге келген ҳаўа-райы қәўпин қаплады. Мәкке резерви болса Аргентина ҳәм Бразилиядағы қолайсыз климат тәсири ҳәм АҚШта этанолға талаптың артыўы себепли бақланған қыйын жағдайды оңлады. Гүриш баҳасы орташа 1,8 процентке көтерилди.

Өсимлик майының баҳасы 2,1 процентке артқан. Қубла-шығыс Азияда өндирис мәўсимлик дәрежеде азайыўы ҳәм импортқа талаптың күшейиўи себепли глобаллық пальма майы қымбатлады, соя майының баҳасы болса Қубла Америкадан экспорттыӊ азайыўы ҳәм Қурама Штатларда биологиялық жанылғыға талаптың артыўы тийкарында көтерилди.
Қара теңиз регионында тәмийнаттың шеклениўи артынан айғабағар майының баҳасы да артты. Соның менен бирге Европа Аўқамында импорт муғдарының сезилерли дәрежеде артыўы себепли рапс майы түсти.
Гөштиң баҳасы 0,4 процентке төменлегени атап өтилди. Бул жағдай глобаллық усыныс жетерлилиги ҳәм талап әззилиги менен байланыслы. Қус гөшиниң қымбатлаўының себеби болса экспорт талабы күшли Бразилияда баҳа көтерилген.
Мал ҳәм қой гөшиниң баҳасы турақлы болып қалмақта. Қурама Штатларда бажысыз квота тез толып қалса да, Бразилиядан Қытайға жеткерип бериў көбейгени ушын кризистиң алды алынған.

Сүт өнимлериниң баҳасы бес процентке арзанлады. Сыр ҳәм сары май баҳасы ең көп түскени бақланды. Буған себеп – тәмийнат жетерли. Нәтийжеде, Жақын Шығыс, Арқа Африка ҳәм Азияның айырым аймақлары менен байланыслы жаңаланған талап шараятында майсыз сүт унтағының баҳасы артқан.
Есабатта қумшекер баҳасы 1 процентке түскени келтирилген. ҒАО буны Ҳиндстанда өндиристиң тиклениўи, Таиланд ушын унамлы болжаў ҳәм Бразилиядағы унамлы өзгерис себепли усы мәўсим глобаллық усыныс артыўына байланыслы күтилип атырған нәтийже менен байланыстырмақта.
ҒАО глобаллық дән өнимлерин ислеп шығарыў бойынша гезектеги болжаўды жәриялады: улыўма ислеп шығарыў 3,023 миллиард тоннаға жетиўи күтилмекте. Бул рекорд көрсеткиш.

Өсиў бағыты Аргентина, Канада ҳәм Европа Аўқамында бийдай өними мөлшерден артыўы, сондай-ақ, Қытай ҳәм АҚШта мәкке егетуғын майдан кеңейиўи ҳәм өнимдарлық жоқары болыўын билдирген. Гүриш жетистириў тийкарынан Ҳиндстан, Бангладеш, Бразилия, Қытай ҳәм Индонезияда раўажланыўы күтилмекте.
С.Раҳимов, ӨзА