Египетте 10 мың жыллық тарийхқа ийе тасқа салынған сүўретлери табылды

10

Египетлик археологлар Синай ярым атаўында шама менен 10 мың жыллық тарийхқа ийе болған тасқа салынған сүўретлерди тапты, деп хабар береди “Arab News басылымы.

Египет Туризм ҳәм әййемги буйымлар министрлигиниң мағлыўматларына бола, табылма Қубла Синай регионындағы Жабал Умм Арак таўынан табылған.

Министрлик ўәкили бул табылма тарийхый ҳәм көркемлик жақтан үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Структураның узынлығы 100 метрден асады. Төбелер ҳәр қыйлы дәўирлердеги ҳайўанлар, символлық фигуралар, күнделикли турмыс көринислери сүўретленген қызыл ҳәм күлрең сүўретлер менен қапланған. Айырым сүўретлер эрамызға шекемги 10 000-5500-жылларға туўра келеди.

Сүўретлерде аңшылар, ийтлер, түйелер ҳәм атларға минген шабандозлар ҳәм де арабша жазыўлар көрсетилген. Туризм ҳәм әййемги буйымлар министри Шериф Фатҳийдиң айтыўынша, табылма Синай ярым атаўының бай мәдений мийрасын тастыйықлайды ҳәм бул жерде мың жыллар даўамында түрли цивилизациялар жасап келгенин көрсетеди.

Археологиялық излениўлер даўамында ҳайўанлардың қалдықлары, әййемги Египет, Рим ҳәм орта әсирлерге тийисли тас қураллар ҳәм гүлал бөлеклери де табылған.

Г.Сатторова, ӨзА