Мәресимлерди ықшам түрде өткериў мәселелери додаланды

Қоңырат районындағы Мыңжарған мәкан пуқаралар жыйынында “Бизиң елимизде диний ағымларға ҳәм зорлыққа орын жоқ!” сүрени астында той мәресимлерин ҳәм шаңарақлық илажларды ықшам ҳәм тәртипли өткериў, артықша дәбдебе ҳәм ысырапгершиликтиң алдын алыў мақсетинде ушырасыў шөлкемлестирилди.
Үгит-нәсият илажында Дин ислери бойынша комитети Қоңырат районлық бөлиминиң бас қәнигеси Ю.Қалекеев, «Нураный» қоры районлық бөлиминиң баслығы Х.Қурбанбаев, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қоңырат районлық бөлиминиң баслығы Ү.Тилеўмуратовалар қатнасты.
Илаж даўамында қатнасыўшыларға диний экстремизм ҳәм радикал идеялардың зыянлы ақыбетлери ҳаққында мағлыўматлар айтылып, оның жәмийеттиң тынышлығына ҳәм турақлылығына қәўпи ҳаққында түсиниклер берилди.



Қәнигелер тәрепинен мәресимлерди әпиўайыластырыў, миллий қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм ысырапгершиликке жол қоймаў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Адхам Азатбаев,
ҚМУ Журналистика тәлим бағдары 2-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги