Бүгинги сәне тарийхта қандай из қалдырған?

16-февраль сәнеси дүнья тарийхында бир қатар әҳмийетли ўақыялар менен жүз берген. Атап айтқанда, 1918-жылы 16-февральда Литва мәмлекети өзиниң ғәрезсизлигин жәриялады ҳәм сол күни Литва Кеңеси Германия басқыншылығынан кейин мәмлекет ғәрезсизлигин тиклеў ҳаққындағы Актты қабыл еткен. Бүгинги күни бул сәне Литвада мәмлекетти тиклеў күни сыпатында рәсмий байрам есапланады.
Сондай-ақ, 1959-жыл 16-февральда Фидель Кастро Куба Бас министри лаўазымын ийелеген. Бул ўақыя Куба революциясынан кейинги сиясий дүзимниң қәлиплесиўинде әҳмийетли басқыш болған.
Буннан тысқары, 1923-жыл 16-февральда инглис археологы Говард Картер Тутанхамонның жерлеў камерасы рәсмий түрде ашылып, онда қол қатылмаған саркофаг табылған. Бул ашылыў Египет тарийхын үйрениўде үлкен әҳмийетке ийе болған ҳәм XX әсирдиң ең ири археологиялық табылмаларынан бири сыпатында баҳаланады.
Сондай-ақ, 1968-жыл 16-февраль күни АҚШтың биринши 911 айрықша қоңыраўы әмелге асырылған. Бул система кейин ала пүткил мәмлекет бойлап енгизилип, айрықша хызметлердиң жумысын муўапықластырыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.
Демек, 16-февраль сәнеси түрли дәўирлерде сиясий, тарийхый ҳәм технологиялық жақтан әҳмийетли ўақыялар менен тарийх бетлерине мөрленген.
Бийбисара Жартыбаева,
Бердақ атындағы ҚМУ 2-курс магистранты
Қарақалпақстан хабар агентлиги