“Гендер теңлик белсендиси” миллий таңлаўының жеңимпазлары сыйлықланды

17

Олий Мажлис Сенатында “Гендер теңлик белсендиси” миллий таңлаўының республикалық басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Бул таңлаў ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орны ҳәм абырайын беккемлеў мақсетинде гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссияның басламасы менен ҳәр жылы дәстүрий тәризде шөлкемлестирилип келинбекте.

Салтанатлы илажды кирис сөз бенен ашқан Сенат Баслығы Танзила Норбоева Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында кейинги жыллары ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, олардың мәмлекетлик басқарыў ҳәм жәмийетлик турмыстағы қатнасын кеңейтиў бағдарында избе-из реформалар әмелге асырылып атырғанын айрықша атап өтти.

Бул бағдардағы тийкарғы ўазыйпалар жаңа редакциядағы Конституция, “Өзбекстан-2030” стратегиясы ҳәм Гендер теңликке ерисиў стратегиясында беккемленген.

Ҳаял-қызлар мәселелерине байланыслы 110 нан аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилип, бир пүтин институционаллық система қәлиплестирилди. Гендер теңлик сиясатына тек ғана социаллық әдиллик принципи емес, ал экономикалық раўажланыўдың әҳмийетли факторы сыпатында қаралмақта.

Таллаўлар ҳаял-қызларды билимлендириў, бәнтлик ҳәм басқарыў тараўларына кеңнен тартқан мәмлекетлерде экономикалық өсиў пәтлери жоқары екенин көрсетпекте.

Парламентлераралық аўқамның мағлыўматларына бола, парламентлердиң төменги палаталарында ҳаял-қызлардың үлеси бойынша Өзбекстан дүньяда 15-орынды ийелейди. Жәҳән банки индексинде болса мәмлекетимиз гендер теңлик тараўында ең тез раўажланып атырған бес мәмлекет қатарына киргизилген. Гендер теңлик ҳәм басқарыў индексинде болса 103-орыннан 52-орынға көтерилди.

Сондай-ақ, илажда және бир әҳмийетли жетискенлик атап өтилди. БМШ Раўажланыў бағдарламасының абырайлы “Гендер теңлик бойынша гүмис белгиси” (Gender Equality Seal) менен Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети сыйлықланған. Итибарлысы, бул нәтийжеге Өзбекстан ҒМДА ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында биринши болып ерискен.

Атап өтилгениндей, жеңимпаз деп табылған шөлкемлерде хызметкерлердиң орташа 30-50 процентин ҳаял-қызлар қурайды, 60 ҳаял басшылық лаўазымында жумыс алып бармақта. Сондай-ақ, 10 мыңнан аслам ҳаял-қызлар кәсиплик потенциалын арттырыў курсларына тартылып, 13 мыңнан аслам ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ушын 2,1 триллион сум қаржы ажыратылған.

Таңлаўдың район (қала)лық басқышларында 1 мың 460, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық басқышларында 455 уйым, шөлкем ҳәм мәкеме қатнасты. Республикалық басқышқа 100 ге шамалас ҳүжжет усынылды.

Таңлаў комиссиясы тәрепинен реже талаплары тийкарында баҳалаў нәтийжелерине бола 7 номинация бойынша төмендеги шөлкемлер жеңимпаз деп табылды:

“Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди республикалық шөлкем” – Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Орайлық банк, “Наўайы кән металлургия комбинаты” акционерлик жәмийети:

“Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди аймақлық шөлкем” – Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети;

“Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди район (қала) шөлкеми” – Сурхандәрья ўәлаяты Узун районы Мәлимлеме-китапхана орайы;

“Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди ҳәкимлик” – Ферғана қаласы ҳәкимлиги, Гүлистан районы ҳәкимлиги;

“Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем” – “Меҳримиз сизге” ҳаял-қызлар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық-ҳуқықый қоллап-қуўатлаў орайы ҳәм “Millennium” майыплығы бар жаслардың социаллық-ҳуқықый тиклениў орайы;

“Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди исбилерменлик субъекти” – “Mirzo boshi” шаңарақлық кәрханасы ҳәм “Safia” кондитерлик үйи.

Жеңимпаз шөлкемлер тәрепинен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған 10 ға шамалас жойбар әмелге асырылғаны атап өтилди. Әсиресе, бул бағдарда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң белсендилиги айрықша атап өтилди.

Келешекте таңлаў шеңберинде мәҳәллелердиң қатнасыўын және де кеңейтиў ҳәм “Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди мәҳәлле” номинациясын енгизиў режелестирилмекте.

Норгул Абдураимова,
ӨзАның хабаршысы