Япония менен бирге ислесиўдиң жаңа басқышы

Буннан дерлик бир ай бурын Японияның «Joho Bencha» компаниясының директоры мырза Кай Коутару Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Б.Жоллыбеков пенен ушырасып, студентлерге шет тиллерин, соның ишинде, япон тилин үйретиў, оларды халықаралық қәнигелик ҳәм тил имтиханларына таярлаў, питкериўшилерди тиккелей Япония компанияларына жумысқа орналастырыў мәселелери додалаған еди.
Жақында усы компания директоры Кай Коутару Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлери менен ушырасып, оларға Японияда жумысқа орналасыў тәртиби, имканиятлары, мийнет шараятлары, талабанларға қойылатуғын талаплар, сондай-ақ, Японияның мийнет нызамшылығы ҳәм корпоратив мәденияты ҳаққында айтып берди.
Усылар менен бир қатарда, компания тәрепинен бирге ислесиў шеңберинде университетке япон тили бойынша маман қәниге тартылады. Ол 8 ай даўамында студентлерге сабақ берип, япон тилин терең үйрениў, кәсиплик жумысқа таярлық көриў, Японияда жумыс ислеў ушын зәрүр билим ҳәм көнликпелерди қәлиплестириўге жәрдемлеседи.



Әлбетте, бул баслама жаслардың халықаралық мийнет базарында бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, олардың кәсиплик потенциалын жоқарылатыў ҳәм Япония менен билимлендириў тараўында бирге ислесиўин беккемлеўде әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы